Президент Шавкат Мирзиёевқа банклердиң қатнасыўында мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматлы етиў илажлары бойынша мәлимлеме берилди.
Бул ҳаққында 16-декабрь күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде тапсырма берилген еди. Соннан келип шығып, 2025-жылы жәми 5 миллион 200 мың, соның ишинде, банклер тәрепинен 3 миллионнан артық халықты бәнт етиў режелестирилди.
Усы мақсетте 208 район ҳәм қалалардың ҳәкимлери ҳәм банклердиң басшылары тәрепинен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў бойынша бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды, онда тәреплердиң анық ҳуқық ҳәм миннетлемелери көрсетип өтилди.
Ҳәр бир мәҳәлле бойынша мақсетли көрсеткишлер белгиленди. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған «мәҳәлле жойбары» бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын 1 миллиард доллар кредит ресурслары банклер ҳәм аймақлар кесиминде бөлистирилди. Жойбар ислеп шығыў, кредит ажыратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша район банки басшысына айма-ай нәтийжелилик көрсеткиши қойылды.
Енди Орайлық банк баслығы ҳәм оның орынбасарлары аймақларға шығып, орынлардағы банк филиалларының мәҳәллелердеги жумысын жаңаша көзқарас тийкарында шөлкемлестиреди. 2025-жыл 1-февральға шекем район банклери филиалларында мәҳәлле кесиминде бөлип ислеў бөлимлери шөлкемлестирилип, оларға «мәҳәлле банкилери» тайынланады. Сондай-ақ, ҳәр бир мәҳәлледе олар менен бирге ислейтуғын «жәрдемши-агентлер» сайлап алынады.
Аймақлық банклер ҳәм район ҳәкимлери халықты таяр бизнес жойбарлары менен таныстырып барады, оларды әмелге асырыў көнликпелери үйретиледи.
“online-mahalla.uz”, “bank-kredit.uz” ҳәм “soliq.uz” мәлимлеме системалары интеграцияланып, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы күнлик таллап барылады. Жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға шара көриледи.
2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда шешиўши жыл болыўы, буның ушын жергиликли ҳәкимликлер ҳәм экономикалық-қаржы структураларының муўапықласқан жумысын жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
ӨзА