Соңғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бойынша алып барылып атырған илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Бүгинги күнде республикамызда 17 көп тармақлы орайлық поликлиника,
81 шаңарақлық поликлиника, 8
1 шаңарақлық шыпакерлик пункти,
92 мәҳәлле медициналық пункти халыққа хызмет көрсетип келмекте.

Биз Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурат Қурбанов пенен сәўбетлесип, тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

Мурат Исмаилович, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде республикамыздағы медицина мәкемелериниң бир қатар жетискенликлерин көрип гүўасы болып атырмыз. Атап айтқанда, 2024-жыл даўамында «Бир қәдем» сүрени тийкарында медициналық хызметлерди халыққа жақынластырыў мақсетинде 13 шаңарақлық шыпакерлик пунктлери шөлкемлестирилди. Алыс аўыллардағы бундай илажлар қандай нәтийже бермекте?

Өзлериңизге белгили, Президентимиз тәрепинен халықтың саламатлығын сақлаўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде денсаўлықты сақлаў системасында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, бул бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийетин халыққа жеткериў, анық белгиленген бағдарлама тийкарында оның орынланыўын тәмийинлеў – алдымызға қойылған мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли фактор болмақта.

Жаңа механизмлер тийкарында орынларда 962 медицина бригадалары шөлкемлестирилди. Шаңарақлық шыпакердиң 40 процент жүклемеси орта медицина мийирбийкелери тәрепинен орынланыўы белгиленди. Кеселликлердиң алдын алыў бойынша профилактикалық ҳәм скрининг тексериўлер өткерилди ҳәм универсаль-прогрессив патронаж модели енгизилди.

Көп тармақлы орайлық поликлиника, шаңарақлық поликлиника, шаңарақлық шыпакерлик пунктлеринде 1217 күндизги стационар орынлары шөлкемлестирилген болып, жумыс ўақты саат 20:00 ге шекем белгиленди ҳәм оларда ислеўши медицина қәнигелери ушын үстеме ҳақы төленип келинбекте.

Нәтийжеде жылына 33 мыңнан аслам наўқасқа басланғыш емлеў-профилактикалық жәрдем күндизги стационарда үйинен ажыралмаған ҳалда емлениў имканияты жаратылды.

Бул бир жағынан халыққа медициналық жәрдемниң сапасын арттырыўға, екинши жағынан, олардың алыс район орайларына бармай-ақ, өзиниң ямаса жақын жердеги аўылда ашылған аўыллық яки шаңарақлық шыпакерлик пунктлерде көринип, дәслепки мәсләҳәтлерди алыўына мүмкиншилик жаратты.

Бүгинги күнде республикалық қәнигелестирилген орайлардың аймақлық филиалларында 200 түрдеги жаңа технологиялар енгизилип, жылына 6 мыңнан аслам наўқастың Ташкентке ҳәм сырт еллерге бармай-ақ жасаў орнында жоқары технологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылды.

Сондай-ақ, Төрткүл, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында биргеликтеги зыянланыўлар ҳәм өткир қан тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилди.

Бүгинги күнде жылына 7600 наўқасқа Нөкис қаласына келемен дегенше өз ўақтында қыстаўлы ҳәм жоқары дәрежели медициналық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленбекте.

  • Медицина мәкемелеринде халыққа медициналық хызметтиң сапасын арттырыў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Бүгинги күнде мәмлекетимизде халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм қамтыўын кеңейтиўге қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Бунда денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлери, медицина мәкемелеринде медициналық жәрдемниң кепилленген көлемлерине киргизилген диагнозлар, дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлардың дизимлери белгиленген.

Усы дизимге муўапық, жәми 520 кеселлик, 28 диагностикалық тексериў, 46 лабораториялық анализ, 235 түрдеги дәри-дәрмақ, 27 түрдеги оператив жол менен емлеў ҳәм 76 медициналық хызмет түри наўқасларға мәмлекет есабынан бийпул түрде көрсетиледи.

Емлеў-профилактикалық мәкемелерди қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў қәрежетлери 2017-жылға салыстырғанда 5,2 есеге артты. Соның ишинде, дәри-дәрмақларға 2023-жылы 103,3 млрд. сум, ал 2024-жылы 111 млрд. 900 млн. сум қаржы ажыратылды.

Буннан тысқары, 2023-жылы орайласқан ҳалда 31 млрд. 721 млн. сумлық дәри-дәрмақлар алынған болса, 2024-жылы бул қаржылар
53 млрд. 221 млн. сумға артып, тийкарлы дәри-дәрмақлар берилген (онкологиялық кеселликлер, гематоонкология, ҳ.т.б).

  • Мәмлекетимизде көплеген тараўларда, соның ишинде, медицина тараўында да хызмет көрсетиўди санластырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдардағы жумыслардың барысы қандай?

– Соңғы бир неше жыллар ишинде Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў бойынша бир қатар зəрүрли жумыслар əмелге асырылды. Республика аймағындағы барлық басланғыш медицина мəкемелери ҳəм емлеў профилактикалық мəкемелерге жоқары тезликтеги интернет тармағы, локал тармақ өткерилди.

Тараўға тийисли бир қатар мәлимлеме системалары ислеп шығылды. Бирден-бир интерактив мəмлекетлик хызметлери порталына 20 түрдеги хызметлер қосылды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасында санлы медицинаны раўажландырыўда 2024-жылы бир қатар зəрүрли жумыслар əмелге асырылды. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының жергиликли бюджет қаржылары есабынан 11 млрд. сум қаржы ажыратылып, 17 медицина бирлеспелериниң басланғыш медициналық мəкемелерине 1702 компьютер комплекси ҳəм 132 принтер үскенелери сатып алынды.

2024-жылдың 11 айы даўамында 1100 ден артық медициналық хызметкер IT парклерде компьютер бойынша өз көнликпелерин арттырды.

  • Және бир үлкен жумыс, жеке меншик медициналық клиникалардың көбейип атырғаны, оларда емленип атырған наўқаслардың да артып атырғаны. Сырт еллер менен бирге ислесиў, бул бағдардағы жумысларды кеңейтиў қалай әмелге асырылмақта?
  • Шынында да, халқымыздың саламатлығын қорғаўда жеке меншик клиникалардың үлеси кеңеймекте. Ҳәзирги ўақытта республикамызда 350 жеке меншик медициналық мәкеме хызмет көрсетпекте. Соннан, 310 амбулатор ҳәм 40 стационар шараятта 52 түрдеги қәнигелик бойынша халыққа сапалы медициналық хызметлер көрсетилмекте.

2024-жылы 35 жаңа жеке меншик клиника жумыс баслады. Бүгинги күнде республикамызда 8 жеке меншик медициналық мәкемениң хирургиялық хызмети иске түсирилди ҳәм 2 жеке меншик клиника халыққа қамсызландырыў бойынша хызмет кѳрсетпекте.

Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў тараўында сырт еллердиң клиникалары менен бирге ислесиўлер жолға қойылып, жыл даўамында 11 халықаралық меморандумға қол қойылды. Атап айтқанда, Египет, Россия Федерациясы, Түркия, Япония, Израиль, Қубла Корея менен шериклик байланыслар орнатылды.

Атап айтсақ, халықаралық жойбарлардың бири Қытай Халық Республикасының «CSADI» кампаниясы жәрдеми менен Нөкис қаласында балалар медицина кластери салыныўы келеси жылға режелестирилген. Бүгинги күнде 1,2 гектар жер майданы ажыратылған ҳәм үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Сондай-ақ, және бир әҳмийетли жойбар бойынша Қубла Корея Республикасыныӊ “Acryl AI” компаниясының мирәт етиўине бола Сеул қаласында болып, Корея Республикасының медицинадағы  заманагɵй технологиялары ҳәм фармацевтикалық индустриясы менен таныстық. “Acryl AI” компаниясы менен санластырыў тараўындағы жойбарларды додалап, олардың мәмлекетимизде әмелге асырылыўын жеделлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылды.

Жоқарыдағылар менен бир қатарда, «Ашық бюджет»  бағдарламасы бойынша 2024-жылдың биринши ҳәм екинши мәўсиминде 47 денсаўлықты сақлаў мәкемелери қурылыс ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде қатнасып, соннан 16  медициналық мәкеме медициналық буйымлар ҳәм имаратларға оңлаў жумыслары ушын жәми 14 млрд. 623 млн. сумлық жойбарларда жеңимпаз болды.

Халықтың саламатлығын беккемлеў, медицина мәкемелерин қәўипсиз ҳәм сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар менен тәмийинлеў, тараўға санластырыўды енгизиў бағдарындағы илажларды еле де жеделлестириў ҳәм бул бағдарда жүзеге келип атырған машқалаларды шешиў, кемшиликлерди сапластырыў – баслы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.

Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги