Ижараның ең кем жаңа муғдарлары 2025-жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам менен белгиленди.
Бул ставкалар физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкин ижараға бериўден алынатуғын дәраматларына салық салыў мақсетинде қолланылады.
Соның менен бирге, олар көшпели мүлктен бийпул пайдаланыў шәртнамаларына енгизиледи. Жақын туўысқанлар арасындағы дүзилген шәрнамалар буған кирмейди.
Ижараға берилетуғын мүлк түрлери ҳәм ставкалар
- Имаратлар
Турақ жай (ижара ставкасы улыўма майданның 1 кв.метри ушын):
Ташкент: 28.000 сум (+12%)
Нөкис, ўәлаят орайлары: 13.500 сум (+12,5%)
Басқа елатлы пунктлер: 5.500 сум (+10%)
Турақ жай емес (ижара ставкасы улыўма майданның 1 кв. метри ушын):
Ташкент: 45.000 (+12,5%)
Нөкис, ўәлаят орайлары: 26.500 сум (+12,7%)
Басқа елатлы пунктлер: 11.000 (+10%)
- Автомобиль транспорты ушын ижара ставкалары
Жеңил автомобильлер
(Жолаўшылар ҳәм багаж тасыўға мөлшерленген, айдаўшы орнын есапламағанда, орынлықлардың саны 8 ден көп болмаған автотранспорт қураллары):
- автотранспорт қуралы ушын: 858.000 сум
Микроавтобуслар, автобуслар ҳәм жүк автомобильлери
1 автотранспорт қуралы ушын: 1.705.000 сум
Қарақалпақстан хабар агентлиги