Президент Шавкат Мирзиёевқа «2025-жыл ушын Өзбекстан Репсубликасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамның орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бул нызам 17 статья ҳәм 10 қосымшадан ибарат болып, онда тийкарғы экономикалық көрсеткишлер өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, 2025-жылы мәмлекетимиз жалпы ишки өними 6 процент өсиўи күтилмекте.

Консолидацияласқан бюджет дәраматлары 431 триллион сум муғдарында, қәрежетлери болса 480,5 триллион сум муғдарында режелестирилген ҳалда, жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 процент муғдардағы дефицит пенен тастыйықланды.

Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң балансы жалпы ишки өнимге салыстырғанда 2 процент муғдарында дефицит пенен қәлиплестирилди. Онда мәмлекетлик бюджет дәрматлары 308,5 триллион сум, қәрежетлери болса мәмлекетлик мақсетли қорларына трансфертлерди инабатқа алған ҳалда 344,8 триллион сум муғдарында режелестирилди.

2025-жылы Қарақалпақстан Респрубликасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң дәраматларының прогнозы 65,8 триллион сум, қәрежетлериниң прогнозы 84,3 триллион сум муғдарында болатуғыны инабатқа алынған. Сондай-ақ, республикалық бюджеттен жергиликли бюджетлерге 18,5 триллион сум муғдарында тәртипке салатуғын бюджетлераралық трансфертлер өткерип берилетуғыны нәзерде тутылған.

Нызамға бола, быйыл да бюджет қәрежетлериниң социаллық қаратылғанлығы сақлап қалынды. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, илим, мәденият ҳәм спортты раўажландырыў, мүтәж халықты турақ жай менен тәмийинлеў сыяқлы илажлар ушын жәми мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң 52 проценти қаратылады.

Жергиликли бюджетлер дәраматын көбейтиў ҳәм еркинлигин арттырыў мақсетинде төмендеги салық түрлери қосымша тәризде район ҳәм қалалардың бюджетлеринде қалдырылады:

– айланыстан алынатуғын салық, юридикалық тәреплердиң жер ҳәм мүлк салықлары толық (ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын салықлар буған кирмейди);

– физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы түсимлериниң кеминде 50 проценти (ири салық төлеўишлер тәрепинен төленетуғын салықлар буған кирмейди тысқары);

– мәмлекетлик мүлкти меншиклестириўден жергиликли бюджетлерге түсетуғын түсимлердиң 50 проценти.

Сондай-ақ, район ҳәм қалалардың жергиликли кеңеслерине айырым салық түрлери бойынша коэффициент қолланыў ўәкиллиги берилген.

Улыўма, мәмлекетлик бюджет быйылғы жылы да экономиканы избе-из раўажландырыў, социаллық мәселелерди мәнзилли шешип, халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.

ӨзА