«Мәмлекеттиң социаллық, сиясий ҳәм экономикалық раўажланыў тараўларындағы стратегиялық таллаў ҳәм изертлеў жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында» ғы Президент қарары (ПҚ-467 –санлы 31.12.2024.ж) қабыл етилди.

Қарарға бола, Таллаў ҳәм изертлеў системалары жумысын шөлкемлестириў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилди.

Социаллық, сиясий ҳәм экономикалық раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегиялық таллаў ҳүжжетлерин ҳәм мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатына байланыслы усынысларды турақлы түрде Президентке киргизип барыў Муўапықластырыўшы кеңестиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Муўапықластырыўшы кеңес ишки ҳәм сыртқы сиясат процесслери бойынша стратегиялық изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм оларды өткериўдиң барлық процесслерин муўапықластырыў мәселелерине жуўапкер болған мәсләҳәт уйымы есапланады.

Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысын дурыс жолға қойыў, улыўма муўапықластырыў ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди тәмийинлеў Президенттиң Арнаўлы тапсырмалар бойынша мәсләҳәтшиси тәрепинен әмелге асырылады.

Муўапықластырыўшы кеңес системасында төмендеги бағдарларда жуўапкер болған жумысшы топарлар шөлкемлестириледи:

-қәўипсизлик ҳәм социаллық турақлылық;

– мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс;

-социаллық-экономикалық раўажланыў;

-сыртқы сиясат ҳәм халықаралық бирге ислесиў;

-аймақларды стратегиялық режелестириў ҳәм раўажландырыў;

– экологиялық күн тәртиби, соның ишинде климат өзгериўи, суў жетиспеўшилиги мәселелери,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

                                                                          Қарақалпақстан хабар агентлиги