Рәсмий мүнәсибет
Энергетика министрлиги хызметиниң мәлим етиўинше, социаллық тармақларда тарқалып атырған «Электр энергиясынан пайдаланыў 200 киловаттан артса, ҳәр бир киловатт ушын 900 сум емес, 540 сумнан төленеди» сыяқлы мағлыўматлар ҳақыйқатқа туўра келмейди.
Бул анықсызлық Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 894-санлы қарары бәнтлериниң надурыс түсиндирилиўи нәтийжесинде жүзеге келген. Қарарда 2024-жыл 31-майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған «Электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары»ның 85-бәнтине өзгерис киргизилген болып, онда тек ғана юридикалық пайдаланыўшылар ҳаққында сөз етиледи.
Хош, не өзгерди? Қағыйдаларға бола, юридикалық пайдаланыўшылар шәртнамалық муғдарынан 20 процент ҳәм оннан артық муғдарда электр энергиясын пайдаланған жағдайда, артықша сарыпланған ҳәр бир кВт⋅саат ушын белгиленген тарифтиң 1,2 есе муғдарында қосымша ҳақы төлейди. Бул әмелдеги тәртиптиң еки еселик қосымшадан жусартылған варианты болып есапланады.
Мысалы ушын, шәртнамалық лимити 100 мың кВт⋅саат болған өндирис цехы ай даўамында 125 мың кВт⋅саат электр энергиясын пайдаланса, артықша жумсалған 5 мың кВт⋅саат ушын 900 сумнан емес, 1080 сумнан төлейди.
Ең әҳмийетли тәрепи сол, турмыслық тутыныўшылар усы тәртиптен азат етилген. Қағыйдалардың тийисли бәнтинде «турмыслық тутыныўшылардан тысқары» деп анық атап өтилген.
«Министрликтиң мәлимлеме хызмети блогер ҳәм журналистлер менен бирге ислесиўге, ҳәр қандай сораў яки сораўларға оператив жуўап бериўге таяр. Сизден соралатуғын бирден-бир нәрсе – мағлыўматлардың анықлығын тексериў ҳәм жәмийетте надурыс түсиниклер тарқалыўына жол қоймаў», делинеди хабарда.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА