«Исбилерменлер ушын теңдей шараятлар ҳәм әдалатлы бәсеки орталығын тәмийинлеў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, қосымша қун салығы ҳәм пайда салығының ставкалары 2028-жыл 1-январьға шекем арттырылмайтуғыны белгиленди.
2025-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем тигиў-трикотаж, аяқ кийим ҳәм былғары санааты бағдарларында ислеп шығарыў жумысын жүргизип атырған ҳәм белгиленген шәртлерге жуўап беретуғын исбилерменлер ушын пайда салығы ҳәм өзлериниң хызметлери ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ставкалары 1 процент етип белгиленди.
2025-жыл 1-апрельден баслап дәраматына қарамастан, фармацевтика өнимлериниң саўдасы менен шуғылланатуғын яки медициналық хызмет көрсетиўши юридикалық тәреплер ҚҚСты төлеўшилер деп атап өтиледи.
Исбилерменлерге сыртқы қаржы базарларына шығыўға жәрдемлесиў орайы шөлкемлестириледи.
Орай исбилерменлерге халықаралық қаржы институтлары, сырт ел қаржы шөлкемлери ҳәм басқа кредит шөлкемлеринен мәмлекет кепиллигисиз қаржылар тартыў бойынша консалтинг хызметлер көрсетеди.
2025-жылы айланба қаржыларды толтырыўға ажыратылған кредитлер ушын «Саўданы раўажландырыў» АЖ ға (Компания) 100 миллион АҚШ доллары муғдарында қосымша қаржы ажыратылады.
2025-жыл 1-январьдан:
— бажыхана шегарасынан алып шығылатуғын ҳәр бир килограмм пахта ийирилген жиби ушын жыйым оның экспорт баҳасынан 2 процент муғдарда, бирақ, 0,05 АҚШ долларынан көп болмаған муғдарда орнатылады;
— бажыхана шегарасынан алып шығылатуғын ҳәр бир килограмм трикотаж гезлеме ушын жыйым оның экспорт баҳасынан 1 процент муғдарда орнатылады.
ӨзА