Ҳүрметли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, көп миллетли Өзбекстан халқын жаӊа – 2025-жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, өтип баратырған жыл мәмлекетимиз ушын қутлы ҳәм берекетли болды. Буныӊ ушын ҳәр қашан шүкирлик етсек, арзыйды.

Мийнеткеш халқымыздыӊ пидакерлик мийнети, сиясий-жәмийетлик белсендилиги менен Жаӊа Өзбекстан идеясы реал ўақыяға айланбақта.

Олий Мажлис ҳәм жергиликли кеӊеслерге болып өткен сайлаўлар демократиялық жаӊа дәўирге қәдем қойғанымызды және бир мәрте тастыйықлады.

Елимизде жоқары технологиялы жаӊа өндирислик комплекслер, инфраструктура ҳәм логистика тармақлары, автомобиль ҳәм темир жоллар қурылды. Бизнес, IT ҳәм туризм тараўлары тез пәтлер менен раўажланбақта. Халықтың дәраматлары ҳәм турмыс сапасы артпақта.

Зәбердес дийқан ҳәм фермерлеримиз, кластерлеримиз жумысшы-хызметкерлер мәртлерше мийнет етип, мол өним жетистирди.

Жаӊа турақ жайлар, бақша ҳәм мектеплер, жоқары оқыў орынлары, мәденият ҳәм спорт орынлары қурылмақта. Елимиз барған сайын гүллеп раўажланбақта. Мыӊлаған ўатанласларымыз Жаӊа жылды жаӊа жайларда күтип алмақта.

Билимли ҳәм ғайратлы, нәўқыран жасларымыз үлкен жеӊислерди қолға киргизбекте. Әсиресе, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында ерисилген рекорд нәтийжелер миллий спортымыз тарийхында жаӊа бет ашты.

Пуқаралық жәмийети институтлары, атап айтқанда, мәҳәллениӊ роли ҳәм тәсири күшеймекте. Руўхый раўажланыў процесслери турмысымызда жаӊа күш, жаӊа ҳәрекетке айланбақта.

Глобал әҳмийетке ийе басламаларымыз дүнья жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланбақта. Халықаралық майданда Өзбекстанныӊ бәсекиге шыдамлы мәмлекет, исенимли шерик сыпатындағы абырай-мәртебеси артып бармақта.

Әлбетте, булардыӊ барлығы елимиздеги турақлылық, дослық ҳәм аўызбиршиликтиң нәтийжеси болып табылады.

Бүгинги қуўанышлы ақшамда сиз, әзизлерге, уллы ҳәм дөретиўши халқымызға ҳадал мийнетиңиз, ана ўатанға садықлығыңыз ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Қәдирли дослар!

Биз 2025-жылға мәмлекетимизде Қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы деп атама бердик.

Тийкарғы мақсетимиз – инсан ҳәм тәбияттың тең салмақлылығына тийкарланған система жаратыўдан ибарат.

Жаңа жылда бизнес ушын және де кең имканиятлар жаратылады. Жеке мүлкке қол қатылмаслықты тәмийинлеў, сырт ел инвестицияларын жедел  тартыў жумысларын қатаң даўам еттиремиз.

Социаллық тараўлар, мийнет ҳақы, пенсия ҳәм стипендиялар, напақалардың муғдарын арттырыў итибарымыз орайында болады.

Перзентлеримиздиң заманагөй билим ҳәм кәсип-өнер ийелери, бәркамал болып тәрбия алыўы ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз. Илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларына итибар және де күшейтиледи.

Ҳүрметли нуранийларымыз, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға ғамқорлық етиў, социаллық қорғаўдың нәтийжелилигин арттырыў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.

Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын беккемлеў, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қоллап-қуўатлаў жумысларын жаңа басқышқа көтеремиз.

Қысқаша айтқанда, “Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын!” деген уллы мақсетти барлығымыз биргеликте әмелге асырамыз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Бәршеңизди, сырт елдеги ўатанласларымызды, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм досларымызды бүгинги қутлы байрам менен және бир рет шын кеўлимнен қутлықлайман.

Жаңа жыл ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңараққа, жанажан ўатанымызға үлкен-үлкен табыслар ҳәм әўметлер алып келсин!

Барлық жақсы тилеклеримиз әмелге ассын! Жаңа жыл бәршемизге қутлы болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти