Кирип киятырған жаңа – 2025-жыл мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер, парламентлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, глобал қаржы институтларының басшылары, белгили сиясатшылар, жәмийетлик ҳәм диний ғайраткерлерден қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклер келмекте.

Халықаралық бирге ислесиўшилер өз қутлықлаўларында мәмлекетимиз жетекшиси басшылығында Жаңа Өзбекстанда сиясий жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасы табыслы әмелге асырылып атырғаны, мәмлекеттиң дүнья көлеминдеги абырайы ҳәм статусын беккемлеўге хызмет ететуғын жедел, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат алып барылып атырғанын атап өтпекте.

Сырт елли жетекшилер Өзбекстан Президенти ҳәм көп миллетли халқына тынышлық-татыўлық, ығбал-бахыт, абаданлық, үлкен табыслар ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирмекте.

Соның ишинде, төмендегилер өз тилеклерин жоллаған:

Россия Федерациясының Президенти Владимир Путин;

Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин;

Қазақстан Республикасының Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев;

Қырғыз Республикасының Президенти Садир Жапаров;

Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Раҳмон;

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов;

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов;

Әзербайжан Республикасының Президенти Илҳам Әлиев;

Беларусь Республикасының Президенти Александр Лукашенко;

Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян;

Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев;

Япония Бас министри Сигэру Исиба;

Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығының Бас министри Кир Стармер;

Египет Араб Республикасының Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси;

Иран Ислам Республикасының Президенти Масъуд Пезешкиён;

Алжир Халық Демократиялық Республикасының Президенти Абдулмажид Теббун;

Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II;

Палестина Мәмлекетиниң Президенти Маҳмуд Аббос;

Латвия Республикасының Президенти Эдгарс Ринкевичс;

ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле;

ХАЭА бас директоры Рафаэль Гросси;

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Чжан Мин;

Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамының бас хаткери Сергей Лебедев;

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев;

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Асад Хон;

Жәҳән банкиниң президенти Ажай Банга;

Азия инфраструтуралық инвестициялар банкиниң президенти Цзинь Лицюнь;

Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық фондының президенти Альваро Ларио.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.

ӨзА