Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен “Жыл ҳаялы” миллий таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Жаңа Өзбекстанның социаллық-сиясый, экономикалық ҳәм руўхый өмиринде ҳаял-қызлардың қатнасыўы барған сайын артып баратырғанын атап өтти.
Атап өтилгениндей, ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин кеңейтиўге, шаңарақлар абадлығын тәмийинлеўге тийисли миллий тәжирийбе – Өзбекстан модели әмелге асырылмақта.
Тараўға тийисли халықаралық стандартларға сәйкес миллий нызамшылық раўажландырылып, елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша 100ге жақын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабылланды.
Ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң экономикалық, сиясий ҳәм жәмийетлик турмысының барлық тараўларында белсендилигин арттырыў бойынша Миллий бағдарлама, 2030-жылға шекем мөлшерленген гендер теңликке ерисиў Стратегиясы қабылланды.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде ҳаял-қызлардың сиясий, жәмийетлик, экономикалық белсендилигин арттырыў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, гендер теңликти орнатыў, ҳаяллардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеўге тийисли кең көлемли илажлар әмелге асырылып, олар өз нәтийжесин бермекте.
Ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, шаңарақ институтын ҳәр тәреплеме беккемлеў бойынша ең төменги буўын – мәҳәлле ҳәм үйге шекем кирип баратуғын вертикал система жаратылды. Мәҳәллелерде ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымы енгизилди ҳәм оған мәмлекетлик хызметкер статусы берилди. Ҳаяллар мийнети толық яки бир бөлеги қолланылыўы қадаған етилетуғын мийнет шараяты қолайсыз болған жумыслар дизими бийкарланды.
Сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа көрсетилип атырған талабанлардың кеминде 40 проценти яки ҳәр 5 еўинен 2 еўи ҳаял адам болыўы зәрүрлиги нызамшылықта беккемлеп қойылды. Басшы ҳаял-қызларды таярлаў бойынша “Басшы ҳаяллар мектеби” курслары шөлкемлестирилди.
Ҳаяллар санлы экономика, информациялық технологиялар сыяқлы жедел тараўларға белсенди кирип келди. Ойлап табыўшы ҳаял-қызлар арасында “INNOWOMENWEEK” – ойлап табыўшы ҳаял-қызлардың инновациялық ҳәптеликлери енгизилди.
Бүгин ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 35 процентке, исбилерменлик тараўында 37 процентке, сиясый партиялар қурамында болса 49 процентке жетти. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларының 38 проценти (57), Сенат ағзаларының 27 проценти (16), жергиликли кеңеслер депутатларының 25 процентин ҳаяллар қурамақта. Министр ҳәм министрге теңлестирилген лаўазымларда ҳаял-қызлар үлеси 2018-жылы дерлик 3 процентти қураған болса, өткен дәўирде еки есе артып, 5,7 процентке жетти.
Ҳаял-қызлардың үлеси медицина системасында 77 проценттен көбиректи, билимлендириў тараўында дерлик 74 процент, саўдада 49 процент, экономика тармақлары, ислеп шығарыўда дерлик 46 процент, мәденият ҳәм спортта 45 процент, аўыл хожалығында 42 проценттен көбин, қаржы ҳәм қамсызландырыў жумысында 37 проценттен асламды, мәлимлеме ҳәм байланыс хызметинде 35 процент, профессионал, илимий ҳәм техникалық жумысында дерлик 34 процентти, мәмлекетлик басқарыў ҳәм қорғаныў системасында 27 проценттен көбиректи қурамақта.
Быйылғы оқыў жылында республика жоқары билимлендириў орынларында оқып атырған ҳаял-қызлардың үлеси 52,2 процентти қурамақта.
Гендер теңлик тараўындағы ерискен табысларымыз халықаралық дәрежеде мүнәсип тән алынбақта. Өзбекстан 2024-жылы гендер теңлик ҳәм басқарыў индекси бойынша 72,8 балл топлады. Нәтийжеде 2022-жылы белгиленген 103-орыннан 51 текшеге көтерилип, 52-орынды ийеледи. Бул индекс 158 мәмлекетти қамтып алып, гендер теңликке ерисиў жолында табыс ҳәм кемшиликлерди анықлаў имканиятын береди.
Ҳаял-қызлар IT ҳәм STEM тараўларына жедел енгизиў, қызлар ушын санлы көнликпелер бойынша билимлендириў бағдарламаларының иске түсирилиўи, ҳаяллар ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған илажлар, басқарыў, билимлендириў, IT, мийнет, исбилерменлик ҳәм зорлықтың алдын алыў тараўларындағы унамлы нәтийжелер Өзбекстанның дүнья көлеминдеги абырайын және де беккемленбекте.
Ҳаял басшылардың жаңа әўладын қәлиплестириўде билимлендириўге басланғыш фактор сыпатында қаралып, ҳаял-қызларға билимлендириў, илим менен шуғылланыў ушын барлық шараятлар жаратылды.
Исбилермен ҳаяллар саны еки есе көбейип, 205 мыңнан асты. Ҳаялларды кәсип-өнерге оқытыў, оларға жеңилликли шәртлер тийкарында кредитлер ажыратыў бойынша жумыслар жедел алып барылмақта. Интакер, бай турмыслық тәжирийбеге ийе белсенди ҳәм пидайы ҳаял-қызларды өзине бирлестирген “Ақыллы ҳаяллар” ҳәрекети шөлкемлестирилди. “Мўътабар аёл” көкирек белгиси енгизилди. Жас ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясый белсендилигин арттырыў, хошеметлеў бойынша Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў системасы жеделлестирилди. 17 ҳаял ең жоқары сыйлық – “Өзбекстан Қаҳарманы” атағы менен сыйлықланды.
Елимизде ҳаял-қызлар ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде белсенди ҳәм жоқары потенциаллы ҳаяллар саны кеңеймекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жылы 7-марттағы пәрманының 2-қосымшасы менен тастыйықланған Миллий бағдарлама ҳәм Олий Мажлис Сенаты Кеңесиниң 2022-жылы 27-апрельдеги тийисли қарарына муўапық “Жыл ҳаялы” миллий таңлаўын өткериў белгиленген.
Таңлаў режесине бола Өзбекстан Республикасы пуқарасы болған 35 жастан жоқары ҳәм өз бағдары бойынша жумыс пенен кеминде 5 жыл даўамында үзликсиз шуғылланып киятырған ҳаяллар, сондай-ақ, үй бекелери таңлаўда қатнасыўы мүмкин.
Усы жылы “Жыл ҳаялы” таңлаўының район (қала) басқышларында 3 мың 91 ҳаял қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқышларында 1 мың 146 ҳаял қатнасып, олардың 150 и таңлаўдың республика басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
«Жыл ҳаялы – 2024» таңлаўында ҳаяллар жумысы 12 номинация бойынша баҳаланды. Булар, “Жылдың ең ўатанпәпўар ҳаялы”, “Жылдың ең белсенди илимпаз ҳаялы”, “Жылдың ең белсенди исбилермен ҳаялы”, “Ең белсенди жасыл мәкан үгит-нәсиятшысы”, “Жылдың ең жақсы дөретиўши ҳаялы”, “Өз кәсибиниң шебери болған жыл ҳаялы”, “Жылдың ең күшли руўхый-ағартыўшылық үгит нәсиятшысы”, “Жылдың ең жақсы темирши уста ҳаялы”, “Жылдың ең жақсы үй бекеси”, “Жылдың ең жанкүйер устазы”, “Жылдың ең белсенди саламат турмыс тәризи үгит-нәсиятшысы”, “Жылдың ең жаңа идеялар басламашысы” номинациялары болып есапланады.
1-орынға Хорезм ўәлаяты Гүрлен районы 36-мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси басқарыўшысы, 2021-жылдан «Gurlan export» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Манзура Машарипова ийе болды. 2-орынға Ферғана қаласы “Тантана текстиль” жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Зебинисо Хайруллаева, 3-орынға Сурхандәрья ўәлаяты ИИБ Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Ҳуқықбузыўшылықлар профилактикасы басқармасы баслығының орынбасары, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық мәселелер бөлими баслығы, подполковник Ўралтош Эшимова ылайық деп табылды.
Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик мектеби тренер-оқытыўшысы Нигора Палванова Жоқары орын – гран при ийеси болып, Президент саўғасы – автомобиль менен сыйлықланды. Сыйлықты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева тапсырды.
– Өзиниң бар күши, потенциалы, билими, меҳри ҳәм сақаўатын халқымызға бағышлап атырған Президентимизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен, – деди «Жыл ҳаялы – 2024» таңлаўының республика басқышы Жоқары сыйлық ийеси Нигора Палванова. – Мәмлекетимизде көплеген спорт объектлери қурылмақта. Бул елде ҳадал мийнет бәрқулла қәдир ҳәм итибар табады.
«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўы республикалық басқышының жуўмақлаўшы процесси байрамға сай ҳәм жоқары руўхта өтти.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзА хабаршысы