Кегейли районында жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен «Жаслар дәптери»не дизимге алынған жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде қайырқомлық илажы шөлкемлестирилди.
Илажда район ҳәкими А.Камалов ҳәм сектор басшылары шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм елимиз Президенти тәрепинен өсип киятырған жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтти.
Илажда сектор басшылары ҳәм тийисли уйым жуўапкерлери тәрепинен «Жаслар дәптери»ндеги 65 жасқа жоқары оқыў орынларында оқыўы ушын зәрүр болған шәртнама пуллары, 58 жасқа кәсип үйрениўи ушын ашылған арнаўлы оқыў курсларының төлем пуллары өткерилген ваучерлер тапсырылды.
Сондай-ақ, байрам илажында «Меҳир ҳәрекети» қайырқомлық илажларының дизимине киргизилген шаңарақлардың перзентлеринен 200 балаға қысқы жыллы кийимлер саўға етилди. Әлбетте, жаслар өзлерине берилген имканият ушын келешектеги үлкен жуўапкершилик сезимлерин, ал, балалар болса саўғаға берилген жыллы кийимлер арқалы, ел басшыларының өзлерине деген меҳир-муҳаббатын сезине алды, десек алжаспаған боламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы