Соңғы жыллары мәмлекетимизде басқа тараўлар қатарында туризмди раўажландырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Президентимиздиң 2023-жыл 24-апрелде «Республиканың туризм потенциалын жедел раўажландырыў сондай-ақ, жергиликли ҳәм ҳәм сырт елден келиўши туристлер санын жәнеде раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы қарары қабыл етилип, қарар талапларының орынланыўы бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёев усы жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасында қосымша имканиятларды иске қосып, инвестицияны көбейтиў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыў бойынша 2025-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша өткерген мәжилисинде туризм тараўын раўажландырыў бойынша және де кең түрде тоқтап өткен еди. Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы Гүлнара Турдышова республикамызда туризм тараўы бойынша алып барылған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы баслығы Г.Изентаева менен сәўбетлескен еди.
-Президентимиздиң айрықша итибары менен елимизде туризм тараўында көплеген жетискенликлерге ерисилип, мәмлекетимизге туристлер ағымының көбейгенлиги жақсы нәтийжелер менен көзге тасланбақта. Әлбетте мәмлекеттиң раўажланыўында, елимизди дүньяға танытыў ҳәм бай тарийхымызды сырт елден келген мийманларға таныстырыўда туризм тараўы айрықша орынды тутады.
2024-жылда Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти, тийкарынан, туризм тараўында жаратылған имканият ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў нәтийжесинде республикаға келген туристлер саны 2,2 миллионды қураған болса, жергиликли ҳәм 200 мыңы сырт елден келген туристлерди қурап, туризм экспорты 32 млн долларға жетти. 2025-жылда туристлер ағымын жәнеде асырыў, хызметлер сапасын раўажландырыў, тараўға сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәмде туризм экспортын арттырыў бойынша реже ҳәм усыныслар ислеп шығылды.
Тийкарынан, 2025-жылда республикаға келген туристлер санын 3 миллионға, соннан сырт елден келген туристлер санын 400 мың, жергиликли туристлер санын 2, 6 мыңға жеткериў, туризм хызметлери экспортын 50 млн долларға жеткериў режелестирилген. Туристлерди кеңнен тартыў, оларды қарақалпақ миллий мәденияты, қәдирияты ҳәм үрп-әдетлери менен таныстырыў мақсетинде “NavrUZ”, “Көшпели хылықлар мәденияты”, “99 Арал балықлары тағамлары”, “Стихия” сыяқлы үлкен туризм фестиваллары ҳәмде жылдың ҳәр бир мәўсиминде “Open air fest” музыка фестивалы өткерилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалын сырт еллерде кеңнен танытыў мақсетинде Германия, Россия, Қазақстан, Түркия, Қытай ҳәмде Араб мәмлекетлеринде өткериў мақсетинде абырайлы туризм ярмаркаларында туроператор менен биргеликте белсене қатнасып, туризм өнимлери ҳәм аймақтағы туризм потенциалын ен жайдырыў режелестирилген. Жайластырыў орынларының саны 2024-жылда 111, мийманханада орынлар саны 2 440 ты қураған болса, 2025-жылда жаңа мийманхана, хостел ҳәм үй мийманхаларын шөлкемлестирилип жайластырыў қуралларын 125 ке, жайластырыў фондын 3100 ге жеткериў бойынша жойбарлар саны қәлиплестирилген.
Тийкарынан, 2025-жылда әмелге асырыўға улыўма баҳасы 72 миллион доллар (соннан 55 млн доллар сырт ел инвестициялары) болған 20 ға жақын инвестициялары қәлиплестирилген болып, сырт ел инвесторларын тартыў бойынша илажлар даўам еттириледи. Нөкис қаласы ҳәм Елликқала районында ири туризм комплекси шөлкемлестириледи. Ақшакөл бойында жылына 100 мыңнан аслам туристлердиң қамтылыўы күтилмекте. Нөкис қаласында 5 жулдызлы категорияға ийе мийманхана ҳәм ресторан, саўда орайы шөлкемлестирилиўи белгиленип, орай жылына 100 мыңнан аслам туристлерге хызмет көрсетеди. Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде келиўши туристлерди республикада қалыў даўамлылығы 2,5, 3 күнге асырыў, бир туристтиң орташа қәрежетин 300 доллардан асырыў режелестирилген.
Ҳүрметли Президентимиздиң туризм ҳәм мәденият тараўына қаратылған айрықша итибары нәтийжесинде қолай шәраятлар жаратылып, елимизге келиўши туристлер саны жылдан-жылға артып, усы тараўда хызмет көрсетиўши исбилерменлердиң саны жылдан-жылға артып бармақта.
Әлбетте, бундай көрсеткишлерге ерисиўде Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыў ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлардың тутқан орны айрықша. Президентимиздиң 2024-жыл 18-июлдағы “Өзбекстан Республикасында туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм сырт елден келиўши туристлер ағымын және де арттырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында” ғы қарары тийкарында лицензияға ийе болған туроператорларға транспорт қураллары ушын бажыхана бажы бөлип төлеўге рухсат етилип, нәтийжеде 8 туроператор тәрепинен 25 транспорт қураллары алып келинди. 5 мийманхананы үш жулдызлы категорияға айландырыў ушын субсидия ажыратлымақта.
Сондай-ақ алдағы ўақытларда үлкен басламалар, жойбарлардың әмелге асырылыўы күтилмекте. Атап айтқанда, биринши басламада Нөкис қаласындағы 1,5 майданға россиялы инвесторлар тәрепинен “A-J CONSTRUCTION” кәрханасы тәрепинен 50 млн долларлық заманангөй мийманхана ҳәм Конгресс холл шөлкемлестириў жойбары. Усы инвесторлар Россия, Түркия мәмлектлери ҳәм жергиликли инвесторлар менен биргеликте жойбарды тиккелей сырт ел инвестициялар есабынан әмелге асырылыў күтилмекте. Комплексте Конгресс холл, 102 орынлық бес жулдызлы мийманхана, 1 гипермаркет, 5 ресторан, 300 саўда обектлери, үш 20 қабатлы, автомобиллер ушын 11 мың метр квадратлы жер асты автотурар майданшалары жайласады.
Екинши баслама тийкарында Нөкис қаласы орайында “Karakalpak palace hotel” ЖШЖ тәрепинен 1,2 млн долларлық жулдызлы мийманхана шөлкемлестириў жойбары. Бунда Президентимиз пәрманы тийкарында пайтахтымыздағы “Дослық” каналы бойынан 0, 5 гектар жер майданы инвестиция киргизиў мәжбүрияты менен туўрыдан-туўры аренда ҳуқықы ажыратылған. Мийманхана 125 орынға мөлшерленген болып, қурылыс жумыслары алып барымақта.
Үшинши басламада, республикамыз аймағында жаңадан 7 хостел ҳәм үй мийманханаларын шөлкемлестириў болып, бул бойынша Нөкис қаласында 4, Елликқалада 2, Беруний районында 1 жаңадан хостел ҳәм үй мийманханларын шөлкемлестириў есабынан 2, 7 млн долларлық жәми 7 жойбар әмелге асырыў белгиленген. Бул жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде республикада мийманханлар фонды 160 қа көбейип, 50 жаңа жумыс орынлары жаратылады. Төртинши баслама, Нөкис қаласында “Алишер-Султанбек” ҳәмде “Абдулазиз-злата” ЖШЖ лери тәрепинен улыўма баҳасы 2 млн доллар болған заманагөй 2 мийманхана шөлкемлестириў жойбарлары әмелге асырылып, 2025-2026-жыллар даўамында иске түсириледи. Бунда “Алишер-Султанбек” ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилип атырған 60 орынлы мийманхананың қурылыс ислери басланған. Бесинши басламада, Нөкис қаласында “MASSAGET HOTEL” ЖШЖ тәрепинен 48 орынлы мийманхана шөлкемлестириў жойбарын иске түсириў бойынша жумыслар алып барылмақта. Бул бойынша интакерге 3 жулдызлы мийманхана қурыў бойынша субсидия ажыратыў бойынша жобаластырылды.
Алтыншы баслама, Елликқаладағы “Ақшакөл” бойында “DUNYO MENEJMENT” ЖШЖ ҳәмде “2 TERRACE NUKUS” ЖШЖ тәрепинен улыўма баҳасы 3 млн долларлық туристлик комплекси қурылады. Бунда 2 гектар жер майданға пляж ҳәм дем алыў зоналары, мийманхана, спорт майданшалар, ресторан ҳәм саўда дүканлары қурылыў режелестирилген.
Жетинши баслама, Мойнақ районындағы “Кемелер қәбиристаны” туризм объекти ҳәмде Арал теңизи аймағында “HEAVEN GARDENS” ЖШЖ ҳәм “Айгул турс” ЖШЖ тәрепинен улыўма баҳасы 1,5 млн долларлық балықшылар үйи туризм комплекси ҳәмде Арал теңизи Экотуризм орайы шөлкемлестириледи. Бул балықшылар үйинде туризм комплексинде 252 орынлы мийманхана, ресторан, шатырлы үйлер, түйе ҳәм саяхат етиў майданлары шөлкемлестирилген.
Алдағы ўақытлары Қарақалпақстан Республикасының туризм потенциалын сырт еллерде үгит-нәсиятлаў, туризм тараўында жаратылған имканият ҳәм қолайлы шараятлардан нәтийжели пайдаланыў, туризм экспортын арттырыў бойынша илажларды нәтийжели әмелге асырыўға ҳәрекет етемиз.
Елимизге кирип келген жаңа 2025-жылда тараўларда раўажланыўлар болып, елимиздиң мәденияты, үрп-әдет дәстүрлери дүнья жүзине таныла бергей.
Қарақалпақстан хабар агентлиги