Қәдирли Ўатанласлар! Әзиз дослар!
Көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үлкен үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршемизди және де уллы дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған Жаңа жыл елимизге өзиниң қутлы қәдемин қоймақта.
Мине, усындай қуўанышлы мәўритлерде гүллән халқымызды Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, татыўлық, қут-берекет ҳәм мол ырысқы-несийбе тилеймен.
Жуўмақланып атырған жыл өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалмақта.
Себеби, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде изде қалып баратырған жыл Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли ҳәм табысларға толы жыл болғанлығын терең аңлаймыз.
Әсиресе, елимизде әмелге асырылған ең ири жойбарлардың екеўи Қарақалпақстанда алып барылғаны халқымызға мақтаныш сезимлерин бағышламақта. Бул жойбарлардың бири «Әмиўдәрья» дәрьясы үстине қурылған, баҳасы 379 млрд. сўмлық жаңа автомобиль ҳәм темир жол көпири болса, екиншиси елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын, 323 млн. доллар есабынан жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны болып есапланады.
Ең әҳмийетлиси, өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўда, мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўда, тараўларды раўажландырыўда ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатуғын ҳүжжетлерден болып табылады.
Сондай-ақ, 2024-жылы ҳүрметли Президентимиздиң елимиз исбилерменлери менен ашық сөйлесиўи биринши мәрте Нөкис қаласында өткерилиўи де тарийхый ўақыялардан болып, бул ушырасыў экономикамыздың турақлылығын тәмийинлеўде орны гиреўли болған исбилерменлеримиз ушын жаңа имканиятлар есиклерин ашқанын айрықша атап өтсек болады.
Қалаберсе, көп миллетли халқымыздың дослық тымсалына айланған, дүньядағы ең үлкен «Қараүй»диң Нөкис қаласында бой тиклеп, «Гиннестиң рекордлар китабы»на киргизилгени, туризмди раўажландырыўда әҳмийетли орын тутатуғын «Нөкис – Мойнақ», «Нөкис – Стамбул» ҳәмде «Нөкис – Алматы» жөнелислери бойынша авиа қатнаўлар, «Нөкис – Манғыстаў» жөнелисинде поезд қатнаўының жолға қойылғаны, уллы классик шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы халықаралық көлемде кең түрде белгиленгени, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын қосымша 10 мың квота ажыратылғаны – халқымыз турмысында жүз берген умытылмас қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.
Буннан тысқары, изде қалып баратырған жылда көплеген өндирис кәрханаларының, социаллық-инфраструктура объектлериниӊ иске түскени елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келип, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутпақта.
Атап айтқанда, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде 930 дан аслам социаллық инфраструктура, ирригация–мелиорация объектлеринде ҳәм көп қабатлы турақ жайларда баҳасы 4 трлн. 450 млрд. сўмлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, соннан бүгинги күнде 70 көп қабатлы турақ жай, 390 социаллық ҳәм инфраструктура, 320 дан аслам ирригация–мелиорация ҳәм басқа да тараў объектлери пайдаланыўға тапсырылды.
Буннан тысқары, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында баҳасы 8,6 трлн. сўмлық 526 инвестиция жойбарының иске түскени ҳәм 10 мыңнан аслам жумыс орынларының жаратылғаны, 220 млн. доллардан аслам сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери тартылып, аймақлық кәрханалар тәрепинен 191 млн. долларлық өнимлер экспортқа шығарылғаны – булардың барлығы ишки имканиятларымыздың барған сайын кеңейип ҳәм экономикамыздың беккемленип атырғанын дәлиллейди.
Соны да айрықша атап өтиў керек, 2024-жыл 19–20-август күнлери ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында белгилеп берилген ўазыйпалар республикамызды социаллық-экономикалық жақтан және де раўажландырыў, халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған илажларды жаңа басқышларға көтериўине беккем исенемиз.
Әлбетте, бундай кең көлемли жумыслар өз гезегинде гүллəн халқымыздың келешекке деген исенимин жəне де беккемлеп, ҳəр бир инсанды елимизде əмелге асырылып атырған дөретиўшилик ислерге үлес қосыўға руўхландырмақта.
Қәдирли Ўатанласлар!
Кирип киятырған жаңа жылда да халқымызды,соның ишинде жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў,жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў сыяқлы мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Бүгинги реформалардың үзликсиз даўамы сыпатында 2025-жыл – «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» да халқымыздың турмысында әҳмийетли орын ийелейтуғын тарийхый ўақыяларға бай жыл болатуғынына исенемиз.
Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа, елимизге дәўлет, несийбе, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей! Елимиз тыныш, суўымыз мол, аспанымыз ашық болсын!
Аманбай ОРЫНБАЕВ, Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы