Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен Арқа-батыс әскерий округи сәркардалығының басламасы менен әскерий хызметкерлер, пенсионерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, оларға қосымша қолайлықлар жаратыў, сапалы ҳәм арзан баҳада азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде, Нөкис гарнизонындаға 1-санлы жабық әскерий қалашада арзанластырылған азық-аўқат ҳәм аўылхожалығы өнимлери ярмаркасы шөлкемлестирилди. Ярмаркада әскерий бөлим ҳәм мәкемелердеги жәрдемши хожалықлар, жергиликли фермер ҳәм дийқанлар, исбилерменлер тәрепинен алып келинген овощ ҳәм палыз өнимлери сатылды.

-Ярмаркада затлар базарға қарағанда арзан баҳада сатылып атырғанынан қуўанышлымыз,– дейди майор Хусан Ғазиев. – Атап айтқанда, помидор, қыяр, қулпынай ҳәм гөш өнимлери базардан арзан баҳада сатып алдық. Бул бизлерге ҳақыйқый байрам саўғасы болды.

Байрам мүнәсибети менен шөлкемлестирилген ярмаркалар еле даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.