Бисмиллаҳир Раҳманир Раҳийм.
Аллаҳ таалаға шексиз ҳүрметимиз, Пайғамбарымыз саллалоўу әлайҳи васалламға беккем салаўатлы сәлемлеримиз болсын.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Аллаға шүкир, гөззал үлкемизде ҳәр таңды тынышлық, қәтержамлық пенен қарсы алмақтамыз. Бул уллы несийбе себепли, ҳәр тараўда табыслар, раўажланыўлар болмақта, несийбелер күннен-күнге зыяда болып бармақта. Бул үлкеде ўатан әзиз, оның қәдири жоқары екени, өзиниң турмыслық сәўлелениўин таўып бармақта. Әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәжлер, майыплығы болған инсанлар, кәмбағал шаңарақларға турақлы ғамқорлық көрсетип келинбекте.
Әлбетте, соңғы жыллары кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқанлар, жәрдемге мүтәж пуқаралар менен мәнзилли ислесиў бойынша нызамлы тийкарлар ҳәм халықшыл система жаратылды.
Сиз әзиз ўатанласларымызға мүрәжат етер екенбиз, соны айрықша аап өтиўди қәлер едим, социаллық қорғаў мәселесине Президентимизге жәрдемши болыў бәршемиз умтылып атырған абадан келешек, перзентлеримиз бахтын тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти.
Ислам дининде мүтәжлерге жәрдем бериў, физикалық имканияты шекленген инсанларға мийрим-шәпәәт көрсетиў, мискин ҳәм бийшаралардың ҳалынан хабар алыў ең саўаплы әмеллерден есапланады. Мүбәрек динимиз қайыр-сақаўатқа буйырады екен, оны өз орнына жумсаўға әмир етеди. Мүтәж инсанлардың ҳақысына қыянет етиў болса аўыр гүна саналады.
Мәмлекетимизде социаллық қорғаў миллий агентлигиниң шөлкемлестирилиўи халқымыздың қәлбиндеги ийгиликли ис болды. Агентлик аўыр социаллық жағдайға түскен ҳәм түсиў қәўипи болған халық пенен мәнзилли жумыс ислеп атырғаны, садақаларды өз ийелерине жеткерип атырғаны халықымызды миннетдар етпекте, қәлбине қуўаныш бағышламақта. Әлбетте, мине усындай меҳирге мүтәж инсанлардың дуўасы менен мәмлекетимиз және де абат болады.
Ҳүрметли ўатанласларымыз!
Жаратқанға шүкир, тәрбияның тийкарғы тырнағы болған мектепке, жасларды илим-мәрипатлы етиўге мәмлекетимиз тәрепинен турақлы итибар қаратылмақта. Жаңадан-жаңа мектеплер, бақшалар қурылмақта. Мәмлекетимизде орта есапта жылына бир миллион бала туўылмақта. Бул дегени, жети жылдан кейин бир неше мың мектепке талап пайда болады. Солай екен, сақаўатлы адамларымыз мектеп қурыў яки оңлаў жумысларына да үлкен итибар қаратыўын усыныс етемиз. Мәрипат, зыя орайы болған билимлендириў дәрғәйларын қурыў, абаданластырыў ең уллы әмеллерден болып есапланады. Сондай-ақ, билимлендириў мәкемелериниң студент ҳәм оқыўшыларын материаллық жақтан тәмийинлеў, олардың контракт-шәртнамаларын төлеп бериў, оқыў қуралы ҳәм сабақлықларды алып бериў саўабы турақлы жазылып туратуғын садақа болады.
Әзиз ўатанласлар!
Өкинишлиси, тойлар, шаңарақтағы салтанатлар, марҳумларды еслеў, ҳаж ҳәм умраға барып-келиўшилерди күтип алыўға бағышланған жыйынлар, олардағы бир-биринен өтип түсетуғын, ким оздыға, жарыспаққа, ысырапқа толы ислер халқымыздың аўыр машқалаларынан бири болып келмекте.
Усы жерде, зыялылар, жасы кексе ата-апалар, нуранийларға айтар сөзимиз, келиң, биргеликте мәмлекетимиз халқына, әсиресе, жоқарыдағы сыяқлы ысырапкершилик ҳәм дәбдебе етип атырғанларға түсиндириў жумысларын көбейтейик, усы сыяқлы иллетлерди биргеликте сапластырайық. Алла таала инам еткен мал-дүньяны ысырып етиў – үлкен гүнә екенин уқтырайық! Буның орнына тапқанларымызды саўаплы ислерге жумсап, мүтәжлерге жәрдем берейик, мине сонда саўапқа ийе боламыз, иншааллаҳ!
Қәдирли уламалар ҳәм имам-устазлар!
Социаллық қорғаў бойынша елимиздиң басламаларын қоллап-қуўатлаған ҳалда, биз- дин уламалары төмендеги 7 ўазыйпаны әмелге асырыўды белгилеп алмақтамыз:
Биринши, уламалар ҳәм имам-хатиблер «Қайырқомлық – кеўиллерге қуўаныш бағышлайды» сүрени астында үгит-нәсиятлаў жумысларын кең көлемде әмелге асырыў.
Екинши, ҳәр бир орайлық мешит 5 ден мүтәж шаңарақты аталыққа алып, олардың перзентлерин оқыў курсларында оқытыў, кәсип-өнерге үйретиў ҳәм турақлы дәраматқа ийе болыўына жәрдемлесиў.
Үшинши, ҳәр бир район-қала бас имам-хатиблери аймағындағы кеминде 1 мектепти қәўендерлерди кеңнен тартқан ҳалда оңлаў жумысларына жәрдем көрсетиў.
Төртинши, «Вақф» қайырқомлық жәмәәт фонды Социаллық қорғаў миллий агентлиги менен биргеликте мәмлекетимиз бойынша кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери болған 200 жасты кәсипке үйретиў ҳәм жумыс пенен бәнт етиў.
Бесинши, «Вақф» қайырқомлық жәмәәт фонды «Инсан» социаллық хызметлер орайы менен биргеликте физикалық имканияты шекленген балаларға 50 дана спорт арбашасы ҳәм басқа реабилитация қуралларын алып берип, олардың даўаланыўларына жәрдемлесиў.
Алтыншы, мешит имам-хатиблери қәўендерлерди кеңнен тартқан ҳалда «Меҳрибанлық», «Қайырқомлық», «Мүриўбет» үйлерине ҳәм мийнет нуранийларына материаллық жәрдемлер көрсетиў жумысларын шөлкемлестириў.
Жетинши, имам-хатиблер тәрепинен той-мереке мәресимлериндеги ысырапкершилик, умра зияратынан қайтқаннан соң ҳәр түрли дәбдебели мәресимлерин шөлкемлестириў иллетлериниң алдын алыў бойынша үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў.
Әзиз ўатанласлар!
Қайырлы ҳәм саўаплы иске үлес қосқан, жетим-жесирдиң басын сыйпалаған адамның әмел дәптерине қыяметке шекем садақа бериў саўабы тоқтап қалмастан жазылып туратуғынын, бундай адам халық ишинде, ел арасында ҳәр қашан ҳүрмет ҳәм итибарда болатуғынын умытпайық!
Алла таала жақсы ислеримизди Өзи сыйлықласын, әмин!
Муфтий Шайх
Нуриддин Холиқназар,
Өзбекстан мусылманлар уйымы Уламалар Кеңеси баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги