Профессор Мэльс Қабулов 80 жаста
Портретке штрихлар
Биз ҳәр күни ким менендур көрисип қалсақ, ең дәслеп «денсаўлығың жақсы ма?»-деп сораймыз. Бул дүньяда бизге берилген өлшеўли өмир жасымызды бахытлы жасап өтиўимиз ушын ең тийкарғысы – денсаўлық. Өмиримиз даўамында түрли жағдай, түрли себеплерге бола денсаўлығымызға зыян жеткерип алсақ, бизиң жанымыздан табылатуғын бул – шыпакерлер. Жақсы шыпакер тек денемизди ғана емлеп қоймастан, руўхымызды да тетиклендиреди, бизге руўхый күш-жигер береди, шыпалы сөзи менен кеўлимизде исеним оята алатуғын қудиретли күшке ийе.
Өзиниң билимин, тәжирийбесин, көз нуры ҳәм пүткил өмирин инсанлар саламатлығын сақлаўдай ийгиликли иске бағышлайтуғын шыпакерлер баршылық. Солардың бири Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, медицина илимлериниң докторы, профессор Мэльс Қабуловтың портретине штрихлар сызыўды мақул деп таптық.
Орта Азияда биринши ҳәм екинши Ренессанс дәўиринде илимниң раўажланыўы жаңа түске енгенлигин биз тарийхый дереклер арқалы хабардармыз. Ал үшинши Ренессанс даўирине өзимиз тиккелей гүўа болмақтамыз. Өйткени елимизде сол Муҳаммед әл-Хорезмий, Әбиў Райҳан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сина, Қазизада Румий, Мырза Улығбек, Әлий Қусшы, Ғиясиддин Коший сыяқлы алым ҳам уламалардың изинен барып, илимий изленислерин даўам еттирип атырған әўладлар менен бирге заманласпыз. Мақаламыздың қаҳарманы Мэльс Қабулов та әйне бүгинги заманымыздың белгили алымы, көплеп шыпакерлердиң устазы, мыңлап инсанлардың кеўлине үмит шырағын жаққан шыпакер. Саналы сексен жыллық өмириниң 57 жылын медицина тараўына бағышлаған илимниң нағыз жанкүйери.
Илимниң шоққысына еле ҳеш ким шықпаған, бирақ оны ийелеў мақсети менен текшелерине басқышпа-басқыш ерисиў Мэльс Қабулов сыяқлы илимге шын ықлас қойған ҳәм оғада сабырлы инсанларға ғана несип етеди. Ол Самарқанд қаласындағы И.П.Павлов атындағы медицина институтының емлеў бөлимин тамамлағаннан соң шыпакерлик хызметин баслап жиберген болса да, илимниң ашылмаған қырлары, инсанлар өмиринде ушырасатуғын кеселликлердиң жумбақлы тәреплери оның тынышын алып, барқулла илим жолын даўам еттириў әрманы менен жасады. Әсиресе, ҳәр жылы пүткил жер жүзинде сегиз миллион адам рак кеселлигинен жәбир көрип, соның еки миллионы өмирден көз жумыўы, қала берсе, Арал апатшылығы себепли бизиң елимизде де бул аты денени түршиктиретуғын кеселлик пенен наўқасланыў жағдайы жылдан-жылға артып барыўы болажақ илимпазды оғада тәшўишке салып, анық бир шешимге келип, усы кеселликтиң даўасын табыўға бел байлайды. Солай етип, ол Санкт-Петербург Онкология илимий-изертлеў институтының клиник-ординатура ҳам клиник-аспирантурасында академик А.И.Раковтың басшылығы астында «Шеп өкпениң жоқары бөлиминде ушырайтуғын рактиң белгилери ҳәм оны операция менен емлеў жоллары» деген темада диссертация жумысын алып барады. Кандидатлық жумысын қорғағаннан соң ол Қарақалпақстан Республикасы Онкология диспансериниң хирургия бөлиминиң баслығы, оннан соң Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас хирурги, ал буннан соң Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Онкология ҳәм радиология илимий изертлеў институты Қарақалпақстан филиалы директоры лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды. Ол қандай лаўазымда жумыс алып барса да, илимнен қол үзип кетпеди, барқулла изленди, өзи излеген сораўдың жуўабын табыў ушын китаплар ақтарды. Атын еситкенде шоршытатуғын «қылтамақ» кеселлиги не ушын көбейип баратыр, әпиўайы халықтың жасаў шараяты, турмыс тәризи, әдети, аўқатланыў тәртиплери бул кеселликтиң келип шығыўына тиккелей байланысы бар ма? деген сораўларға жуўап излеп, терең изертледи. Көп жыллық тынымсыз мийнет, изленислер, хирургиялық әмелият пайтында көргенлери, үйренгенлери, илимий түсиниклерин қағазға түсирип, жәмлеп барды. Топланған мағлыўматлар тийкарында қызыл өңеш раги – қылтамақтың эпидемиологиясы, этиологиясы, патогенези, клиникасы, диагностикасы менен емлеў жолын ислеп шыққан.
«Илим үш қарыстан ибарат: ким илимде бир қарыс илгерилесе ҳаўаланады. Ким еки қарыс илгерилесе, кемтар болады. Ким үш қарыс илгерилесе еле ҳеш нәрсени билмеслигин түсинип жетеди»,-делинген «Илим талап етиўшилер әдеби» деген китапта. Буны әлбетте сол жолды басып өткенлер тереңирек аңласа керек.
Ол илимий изленистен тоқтап қалмады. 1974-жылы Қарақалпақстанда биринши рет Онкология диспансеринде өкпе рагине радикал операция ислеп, бундай хирургиялық әмелиятты әмелге асырған биринши шыпакер сыпатында медицина тарийхы бетлеринен мүнәсип орын алды.
Мэльс Қабулов бурынғы аўқам дәўириндеги күшли онколог шыпакерлер менен әнжуманларда, илимий басқоспаларда көрисип, пикир ҳәм тәжирийбе алмасып турды, олардан үйрене отырып, билимин ҳәм тәжирийбесин нығайтып бара берди. Бул әлбетте илимниң кейинги басқышларына шығыўына себеп болды. Ол 1992-жылы Санкт-Петербург қаласында академик Р.И Вагнер басшылығында «Қарақалпақстанда өңеш рагиниң алдын алыў жоллары» деген темада докторлық диссертациясын табыслы жақлап шықты.
Инсанның өмири ол жасап өткен жыллар менен емес, ал ислеген қайырлы ислери, минсиз хызметлери ҳәм бийминнет жақсылықлары менен өлшенеди. Ол усы жыллар даўамында бүгинги күнге шекем қаншадан-қанша инсанлардың өмирин сақлап ғана қалмай, кеселликтен пүткиллей айығып кетиўине себепши болды. Ата-бабаларымыз: «Ең әўеле Жаратқанның, қала берди халықтың нәзеринен қалдырмағай!»-деген әжайып тилекти бийкарға тилемеген. Өйткени усы еки нәрсеге ерисиў адамның бойындағы ең жақсы пазыйлетлери арқалы жүзеге шығады.
– Мэльс Қабулов ҳәзирги ўақытта тек Өзбекстанда емес, ал шет еллерге де танылған белгили илимпаз, хирург-онколог. Ол өткерген операциялар Ташкент ҳәм басқа еллердеги хирург-онкологлар, алымлар тәрепинен тән алынады. Мэльс Қабуловты Базарбай Оразалиев қатарындағы ең жетик, қолы гүл хирург деп есаплайман. Қарақалпақстанда ҳәзирги ўақытта оларға тең келетуғын хирурглар жоқ десем асыра айтқан болмайман. Мен шәкиртимниң бундай табыслары менен мақтанаман ҳәм бул жетискенликлеринде үлесим бар екенлигинен қуўанышлыман,-деп жазған еди медицина илимлериниң докторы, профессор Абдулла Худайбергенов.
Устаздың шәкиртке айтқан пикири ең үлкен сыйлықтан, орден-медальдан жоқары. Ал халықтың берген баҳасы – сол инсанның өзи ийелеген кәсибинде теңсиз деп тән алыныўы болып есапланады. Мэльс Қабулов мине усындай бахытқа өз мийнетлери менен ерискен илимпаз.
Оның басып өткен өмир жолларына тереңирек үңилип қарасақ бир нәрсени аңлаў қыйын емес. Турмысымыздың жеңил яки аўыр болыўы биз таңлаған жолымызға байланыслы. Ҳәмийше бахытқа қыйын жол менен барылады. Өйткени жеңил жолда бахыт жоқ…
Қундыз Жумағалиева, журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги