Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы дүзилгенлигиниң 21 жыллығы мүнәсибети менен партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде партия белсендилери, исбилерменлер ҳәм жаслардың қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыў даўамында жасларға партия жумыслары, оның сиясий күш ретинде  алға қойған идеялары, мақсет ҳәм ўазыйпалары туўралы мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, жақында Қарақалпақстан Республикасынан Япония мәмлекетине барып, олардың исбилерменлик жумыслары менен танысып қайтан исбилерменлер жасларға Япония мәмлекетиниң тәжирийбеси ҳаққында пайдалы презентациясын өткерди.

– Халықтың машқалаларын шешиўдиң ең нәтийжели жолы исбилерменликти раўажландырыў. Партиямыз бул мәселеде исбилерменлерге қолқанат болып келмекте. Исбилермен биринши гезекте тәртипли болыўды үйрениўи, ҳеш қашан үйрениўден шаршамаўы керек. Мине, мен де 40 жыллық тәжирийбеге ийе исбилермен болсам да Япония мәмлекетине барып, олардан көп нәрселерди үйренип келип, оларды өзимниң бизнесиме енгизиўди баслап жибердим,-дейди исбилермен, ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы М.Таӊирбергенов.

Жаслар исбилерменнен өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги