Өзбекстан Республикасы Президенти усы жылың 23-сентябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм пуқаралардың турмыс абаданлығын арттырыў мәселелерине айрықша тоқтап өткен еди.

Онда халқымызды кәмбағаллықтан шығарыўға қаратылған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасының басланғанлығы ҳәм бул бағдарлама халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўде айрықша орын тутатуғынлығына тоқтап өтилди.

Қараөзек районы ҳәкими А. Баймуратов биринши сектор аймағындағы Бердақ АПЖ да жасаўшы өзине бириктирилген шаңарақлардың жасаў жағдайы, машқалалары ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде, олардың шаңарақларында болды.

Ушырасыўда  пуқаралар менен жақыннан пикирлесип, олардың шаңарағындағы имканиятлары, дәраматлары ҳәм кәмбағаллық себеплерин үйренип, тилек-өтинишлери, сондай-ақ, турмысында ушырасып атырған машқалалары менен танысып шықты.

Район ҳәкими, олардың қызығыўшылығына, қәбилетине қарап кәсип-өнерге үйретиў, исбилерменлигин баслаўға, жумысқа жайластырыў арқалы шаңарағына дәрамат киргизиўге жәрдем бериў, наўқас пуқараларымыздың денсаўлығын тиклеўге жәрдемлесип, машқалаларын шешип бериўге таяр екенлигин билдирди.

Сондай-ақ, район ҳәкими А. Баймуратов сол күни район орайында да социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақ ағзалары менен ушырасып, бағыўшысынан айырылған, жасаў шараяты аўыр, майыплылығы болған 100 шаңараққа қәўендер шөлкемлер тәрепинен таярланған азық-аўқатлық өнимлерин тапсырып, қәўендер шөлкем басшыларын Қараөзек районы ҳәкимлигиниң миннетдаршылық хаты пенен сыйлықлады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы