Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолы 5 жыл даўамында қурылады. Қырғызстан Республикасы бас министри Ақылбек Жапаров бул ҳаққында халықаралық әнжуманда мәлим етти.

Үлкен жойбарды әмелге асырыў басланғанын айтқан бас министр усы ўақытқа шекем Қырғызстан басы берик көшеде жайласқаны ҳәм транзит жоллар менен миллиардлық Қытай базарына тутаспағанын атап өткен.

«Темир жол қурылысы жуўмақланса, перспективаллар ашылады. Бизиң есап-санағымызға бола, ол бес жылда питкерилиўи керек», — деди Жапаров.

Қытай ҳәм Өзбекстанды байланыстырыўшы, Қырғызстан аймағынан өтиўши темир жолдың узынлығы 450 километрден көп, жол Түркменстан, Иран ҳәм Түркия арқалы даўам етип, Азия мәмлекетлерин Жаңа жипек жолы (Евроазия қурғақлық жолы) арқалы Европа менен тутастырады.

Қырғызстан аймағынан өтиўши темир жол қурылысына 1,34 млрд доллар сарыпланыўы күтилмекте. Қырғызстанда бундай пул жоқ, қытайлылардың пулына қурылыс ислемекши. Жойбардың улыўма баҳасы 8 млрд доллар әтирапында баҳаланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги