Бәршеге мәлим, усы жылдың 27-октябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди. Орайлық сайлаў комиссиясының усы жылдың 20-сентябрь күни болып өткен мәжилисинде қабыл етилген Қарар менен Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўы бойынша депутатлыққа талабанлардың ҳәм сиясий партиялардың сайлаў алдынан үгит-нәсиятлаў илажлары 2024-жыл 22-сентябрден басланатуғынлығы белгиленген. Әйне пайытта орынларда, аўыл ҳәм мәҳәллелерде, мийнет жәмәәтлеринде депутатлыққа талабанлардың ҳәм сиясий партиялардың сайлаўалды үгит-нәсият ушырасыўлары болып өтпекте.
Әмиўдәрья районының Маңғыт қаласындағы 9-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы ҳәм усы партиядан көрсетилген талабанлардың сайлаў алдынан үгит-нәсият ушырасыўында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары Әмудәрья районлық Кеңесине партиядан көрсетилген талабанлар, партияның районлық Кеңесиниң жуўапкер хызметкерлери, партия белсендилери ҳәм сайлаўшылар қатнасты.
Илажда атап өтилгениндей, партия усы жылдағы сайлаўларға «Ўәде емес, нәтийже, ертең емес, бүгин» деген сүрен менен кирип келмекте. ӨзЛиДеп усы жылдағы сайлаў алды илажларында, исбилерменлер, фермерлер, билимлендириў, медицина тараўы хызметкерлери ҳәм жумысшылардың мәплерин қорғаўға айрықша итибар қаратқан.
Ушырасыўда ӨзЛиДеп тиң кейинги 5 жыл ушын белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалары, халық ушын әмелге асырып атырған идеялары сөз етилди. Партия тийкарынан, халықтың жақсы турмыста жасаўы, перзентлеримиздиң сапалы билим алыўы ҳәм медицинадан хабардар болыўы, ҳаял-қызларымыз ҳәм нуранийлеримизди қоллап-қуўатлаў, халқымыздың дастурханы толы ҳәм елимиздиң ертенги күни жақсы болыўы сыяқлы анық мақсетлерди алға қойған.
Илажда билимлендириў тараўы хызметкерлери қатнасып атырғанлығы есапқа алынып, партияның усы бағдарда режелестирип атырған жойбарларына айрықша тоқтап өтилди. Тийкарынан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма орта билим бериў мәкемелериндеги педагог хызметкерлердиң орташа айлық мийнет ҳақысын 2 есеге арттырыў, улыўма орта билим бериў мектеплеринде 153 мыңнан аслам класс басшылары ушын төленетуғын ақша муғдарын көбейттириў усыныс етилип атырғанлығы атап өтилди.
Партиядан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине көрсетилген талабан, районлық Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы Илҳам Палўанов сөзге шығып, соңғы бес жыл даўамында ӨзЛиДеп басламасы менен фермерликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумысларға кең түрде тоқтап өтти. Тийкарынан «Дийқан хожалығы ҳаққында» ғы нызам қабыл етилип, усы нызам тийкарында жаңа пайдаланыўдан шыққан 464 мың гектар жер майданын өзлестириў ҳәм кластерлерге ашық таңлаў тийкарында ажыратыў белгиленген. Соған тийкарланып 200 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданларын қысқартырыў есабынан халыққа ашық таңлаў тийкарында узақ мүддетли ижараға бериў жумыслары басланды.
Ушырасыўда сөзге шыққан партия белсендилери ҳәм депутатлыққа талабанлар түрли бағдарларда партияның алдына қойған усыныслары бойынша мағлыўматлар берип, сайлаўшыларды партияға ҳәм оның талабанларына даўыс бериўге шақырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги