Әскер болыў ҳәр бир ер жигит ушын мақтаныш ҳәм Ўатан алдындағы үлкен жуўапкершилик есапланады. Елге хадал хызмет етиў оның қәўипсизлигин қорғаў бойынша көплеген китаплар баспадан шығып, жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланыўда нәтийжели бағдар болмақта. Усындай китаплардың бири жақында баспадан шыққан «Менде әскер боламан» китабы болып есапланады.
27-сентябрь күни Арқа-батыс әскерий округиниң Мәденият сарайында «Мен де әскер боламан» китабын таныстырыў илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Т.Атамуратов, әскерий хызметкерлер ҳәм оқыўшы-жаслар қатнасты.
Өткерилген илаж даўамында сөзге шыққанлар «Менде әскер боламан» китабының мазмун мәниси ҳаққында толық мағлыўматлар берип өтти. Китап мәрт әскерлердиң өмирине ҳәм әскер болыў нийетинде жүрген жасларға арналғаны менен әҳмийетли. Бул китап ўатансүйиўшилик, ўатанға садықлық пенен хызмет етиў, өз тәғдирин журт тәғдири менен байланыстырыў сыяқлы идеяларға тийкарланғаны ҳәр бир оқыўшыны Ўатанды сүйиўге, оған хызмет етиўге шақырары сөзсиз.
Илаж даўамында жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги