Халықаралық футбол федерациясы (ФИФА) кейниги ҳәптеде Палестинаның өтинишине бола Израилды халықаралық турнирлерден шетлетиў мәселесин көрип шығады.

«Биз ФИФАның бул машқаланы шешиўдеги профессионаллығы ҳәм әдиллигин жоқары баҳалаймыз, атап айтқанда, ҳәзирги процесстиң әдалатлылығына исенеди. Мәселе 3-октябрь күни ФИФА Кеңеси тәрепинен көрип шығылыўы күтилмекте. Исенимимиз кәмил, бул процесс ақыр-ақыбетинде Палестина футболы ҳәм оның спортшылары ушын әдаллик ҳәм теңликке алып келеди», делинеди Палестина футбол ассоциациясы (ФФА) баянатында.

Палестина тәрепке қандай жуўап берилиўи ҳәм израиллы футболшыларды не күтип атырғаны кейинги ҳәпте анық болады.

Усыған уқсас сценарийде, еки жыл алдын ФИФА Россия ҳәм оның футбол клубларына қарсы санкциялар қоллаған ҳәм Украинадағы келиспеўшилик себепли оларды халықаралық ойынлардан шетлеткен еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги