«Қамақтағылар да өз ҳуқықларына ийе ҳәм бул ҳуқықлар ҳүрмет етилиўи керек, ҳәттеки олар жазаланған болса да. Егер биз инсанның ҳуқықларын бийкарласақ, биз оның инсаныйлығын бийкарлаймыз…» Белгили мәмлекетлик ғайраткер Нельсон Манделаның бул сөзлери ҳәр қандай инсанды адамгершиликке, мийрим-шәпәәтке шақырады.

Жынаят-атқарыў кодексиниң тийисли статьяларына Ишки ислер министрлиги басқарыўындағы барлық жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағыларға аралықтан видео-ушырасыў ҳуқықын бериўди нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Усы тәртипти өз ишине алған нызам жойбары Олий Мажлис Ныызамшылық палатасының мәжилисинде екинши оқыўда көрип шығылды. Депутат Сайдулла Азимов жойбар бойынша толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, қамақтағыларға аралықтан видео-ушырасыў ҳуқықы бериў арқалы оларға өз жақынлары менен онлайн ушырасыў имканияты жаратылады. Жойбарда қамақтағылардың аралықтан видео-ушырасыў ҳуқықын әмелге асырыў саны, шәртлери ҳәм тәртиби, қосымша видео-ушырасыў имканиятлары толық өз көринисин таппақта. Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи қамақтағылардың шаңарақ ағзалары менен сөйлесиў имканиятын кеңейтиўге, пуқаралардың әўерегершилигиниң алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаўлардан соң нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА