Көбинесе көшеде, қаланың ҳәр қыйлы мүйешлеринде шығындылар үйилип ямаса жайылып жатқан жайдайларға көзимиз түседи. Буннан тысқары, шығындыханалардағы урналарда жыйналған шығынды бир күн алып шығып кетилмесе, урналар толып-тасып кеткениниң гүўасы боламыз. Жыйналып қалған шығынды болса, әлбетте, әтирапқа сасық ийис тарқатады.
Әсиресе, жаз күнлеринде ҳәр қыйлы шыбын-ширкейлер көбейиўине, санитарияға қарсы жағдайлар пайда болыўына себеп болады. Бундай жағдайлар, сөзсиз, кеўилди қапа етеди, ҳеш бир адамға жақпайды. Солай екен, шығындыны жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў жумысларына немқурайдылық пенен қарап болмайды.
Ҳақыйқатында да, ҳәзирги күнде дүнья көлеминде шығындылар машқаласы ең әҳмийетли экологиялық мәселелерден бирине айланып бармақта. Таллаўларға бола, соңғы жыллары турмыслық шығындылар жылдан-жылға көбейип бармақта. Әсиресе, ХХI әсирде турмыслық шығындылар көлеминиң өсиўи экологиялық турақлылыққа жүдә үлкен унамсыз тәсир көрсете баслады. Инсан саламатлығы ҳәм қоршаған орталық тазалығы ушын ең әҳмийетли факторларынан бири шығынды системасын тәртипке салыў мәселеси болып есапланады.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде көрип шығылған гезектеги ҳүжжет – шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўында жаңа төлем механизмлерин енгизиўге қаратылған нызам жойбары болды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбарында тутыныўшыға шығынды хызмети ушын қарыздарлықты сапластырыўға имканият жаратыў мақсетинде шығынды хызметлери ушын төлемлерден қарыздарлығы бойынша қысқа хабар (SMS) арқалы тутыныўшы хабардар етилгеннен кейин бес күнлик мүддет берилиўи белгиленди. Буннан соң қарыздарлық сапластырылмағанда, электр энергиясы ушын төлемлерин қабыллаўды ўақтыншалық шеклеў қолланылады.
Бул нызам жойбарында тутыныўшылардың ҳуқықларына әмел етиў кепилликлери толық беккемленип, турмыслық шығындыларды алып шығып кетиўге қәнигелескен шөлкемлер төлемлердиң әдил ҳәм дурыс есапланыўы ушын жуўапкер болыўы, усы талаплар бузылған жағдайларда тутыныўшыға жеткерилген зыян қапланыўы белгилеп қойылды.
Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде тийисли министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, ҳуқықтаныўшы ҳәм экспертлердиң қатнасыўында өткерилген жумысшы топар мәжилислеринде усы нызам жойбары қызғын додаланып, оған киргизилип атырған ҳәр бир норма депутатлар тәрепинен терең талланды. Онда нәзерде тутылып атырған нормалар шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў бойынша халыққа көрсетилген хызметлер ушын төлем механизмлерин жетилистириўге, шығынды хызметлерин көрсетиў сапасын арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў ҳәм сораў-жуўаплардан соң нызам жойбары қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА