Бизге белгили, белгиленген тәртипке тийкарланып 2024-жыл 1-январьдан баслап мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрларын аттеастациядан өткериў Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрларын аттестациядан өткериў болса Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен әмелге асырылып келинбекте.
Педагог кадрларды аттестациядан өткериў ҳәм оларға маманлық категориясын (лаўазым) бериў бойынша ҳүжжетлерди қабыл етиў педагог кадрлар тәрепинен Мәмлекетлик хызметлер орайларына барған ҳалда яки еркин түрде Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы яки тийислилиги бойынша Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң веб-сайты арқалы әмелге асырылады.
Хош, мектепте сабақ берип атырған педагог магистратураны тамамлаған болса, маманлық категориясы ушын аттестациядан қандай тәртипте өтеди?
Жоқары билимлендириў системасы 5 жыллық оқыў дәўиринен ибарат болған ўақытта питкерген пеадгоглардың маманлық категориясын алыў мәселеси қалай шешиледи?
Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-сентябрдеги тийисли қарары менен тастыйықланған «Мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрларын аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққында»ғы Режесине тийкарланып аттестациядан өтпеген, жумысқа жаңадан қабыл етилген педагог кадрлар яки жоқары билимлендириў шөлкемлерин питкерип биринши мәрте жумысқа кирген педагог кадрларға аттестацияға тартылғанға шекем төмендеги тәртипте маманлық категориясы бериледи:
бакалавр дәрежесине ийе педагог кадрларға – қәниге лаўазымы;
магистр дәрежесине ийе қәнигелер, сондай-ақ, жоқары мағлыўмат дәрежеси бойынша академиялық дәрежелер енгизилгенген шекем алынған жоқары мағлыўматлы педагог кадрларға – екинши маманлық категориясы;
илим кандидаты, философия докторы (Doctor of Philosophy (PhD) яки илим докторы (Doctor of Science (DSc) илимий дәрежесине ҳәм Жоқары аттестация комиссиясы тәрепинен берилген үлкен илимий хызметкер, доцент ҳәм профессор илимий атағына ийе болған педагог кадрларға – жоқары маманлық категориясы.
Буннан көринип турыпты, магистратураны тамамлаған педагоглар егер жаңадан жумысқа кирип атырған болса, екинши маманлық категориясы бойынша жумысқа қабыл етиледи ҳәм бул категория дәрежеси бес жыл мүддетке әмел етеди.
Режеге муўапық, жоқарыда келтирип өтилген педагоглар аттестациядан өткерилместен, тиккелей маманлық категориясы (лаўазым) сертификатын алыў ушын тиккелей мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы яки pedkadr.uzedu.uz платформасы арқалы дизимнен өткен ҳалда мүрәжат етиўи керек.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА