Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл  25-декабрьдеги «2024-2026-жыларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, быйылғы жылы Төрткүл районында бир қатар социаллық объектлердиң қурылысы әмелге асырылды.

Атап айтқанда, усындай объектлердиң бири  сыпатында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 8-санлы улыўма орта билим мектеби болып табылады.

Улыўма сметалық баҳасы 6 миллиард 356 миллион сум болған 540 орынлық жаңа мектептиң  бул имараты қурылысшылар тәрепинен алып барылып, жаңа жыл байрамы алдында халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта.

Бүгин усы оқыў дәргайының пайдаланыўға тапсырылыў мәресими болып, оған район ҳәкими Р.Шамуратов қатнасты ҳәм мектеп жәмәәтин жаңа оқыў имаратына ийе болғаны менен қутлықлады.

Илажда аймақ жасыүлкенлери тәрепинен мектеп алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар оқыў дәргайында оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бүгинги күни бул мектепте 1103 оқыўшы заман талабына сай билим алмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы