Гавайи архипелагының ең үлкен атаўында жайласқан Килауэа вулканы оянды, деп хабар берди АҚШ геология хызмати (USGS).
Килауэа — дүньядағы ең актив вулканлардан бири.
Бул Килауэаның 2020-жылдан берли алтыншы мәрте атылыўы. Алдынғы атылыўлары бир ҳәптеден бир жылға шекем даўам еткен.
Вулкан Миллий бағы жабық зоналарында жайласқаны себепли лава ағымы адамлар ҳәм елатлы пунктлерге қәўип салмайды. Бирақ, суў парлары, карбонат ангидрид гази ҳәм алтынкүкирт диоксиди, әсиресе, самал күшейсе, қәўипли болыўы мүмкин. Аймақта қызыл авиация коды жәрияланғаны, яғный айырым авиапәрўазларды бийкар етиў қәўипи астында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги