Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлериниң үзликсиз кәсиплик раўажланыў системасын жетилистириў ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Мектепке шекем ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеде:
үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы, оның мақсети ҳәм тийкарғы ўазыйпалары;
үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың түрлери ҳәм оларды шөлкемлестириў тәртиби;
үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың сапасын баҳалаў ҳәм қадағалаў тәртиби белгилеп берилген.
Мағлыўмат ушын:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2024-жыл 21-июньдағы ПҚ-231-санлы қарарында:
а) мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлериниң басшы, педагог ҳәм қәниге кадрларын қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўдың бир пүтин системасы енгизилиўи;
б) мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директорларын ҳәм қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институты Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң бойсыныўына өткерилиўи;
в) 2025-жыл 1-январьдан баслап:
мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың вертикал системасы (министрлик – маманлық арттырыў мәкемеси – билимлендириў шөлкеми) жолға қойылыўы;
мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлериниң хызметкерлери ушын бес жылда бир мәрте жумыстан ажыралған ҳалда өткерилетуғын маманлық арттырыў курслары енгизилиўи белгиленген еди.
ӨзА