Өз хөжейинин, оның ҳаялы ҳәм еки баласын өлтиргенликте айыпланып, 1968-жылы өлимге ҳүким етилген Ивао Ҳакамада суд тәрепинен ақланды. Бул ҳаққында BBC хабар берди.
Ивао Ҳакамада ҳәзир 88 жаста, ўақыя жүз берген 1964-жылы 28 жаста болған.
2014-жылы Сидзуока қалалық суды жынаятшының ДНКсы Ҳакамаданың ДНКсы менен сәйкес келмеўин тастыйықлаған ҳәм Ҳакамада еркинликке шығарылған еди. Бирақ кейинрек Токио суды бул қарарды бийкарлады. 2023-жылы ис Япония Жоқары судына жиберилди.
Тергеўшилер судланыўшыға күш ислеткен болыўы мүмкинлигин есапқа алған суд исин қайтадан көрип шықты. 1964-жылы қамаққа алынған Ҳакамада адам өлтиргенлигин қатыллықты мойнына алған, бирақ соң өзине қарсы күш ислетилгени себепли ықрар болғанын мәлим еткен.
2011-жылы Ҳакамада өлим жазасын ең көп күткен инсан сыпатында тән алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги