Быйылғы сайлаўлар жаңалықларға бай болыўы күтилмекте.
Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўында қатнасыўшы сиясий партиялар ҳәм депутатлыққа талабанлардың сайлаўалды үгит-нәсиятлаўына старт берилиўи менен-ақ реклама тахталарынан баслап, барлық телеканал, радио ҳәм интернет басылымларында партиялардың белсендилиги және де артты. Бирақ оларды бир орынға жыйнайтуғын ҳәм ҳақыйқый сиясий дебатқа шақыратуғын майдан жоқ еди. Ташкенттиң дәл ортасында Миллий медиа бирлеспеси ҳәм Халықаралық пресс-клубтың басламасы менен мине, усындай майдан жаратылып, оған «Дебат Холл» медиа-орайы деген атама берилген.
Бүгин усы «Дебат Холл»дың ашылыў мәресими болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қутбиддин Бурхонов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Одилжан Тожиев, Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери Худоёр Маматов, Миллий медиа бирлеспесиниң баслығы Шерзодхан Қудратхўжа, Халықаралық пресс-клуб баслығы Жалолиддин Усмонов, Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығы ў.а Холмурод Салимов ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Илаж алдында мәртебели мийманлар символикалық қызыл лентаны кесип, «Дебат Холл»ды ашып берди.
27-сентябрь күни саат 17:00 де «Дебат Холл»да сайлаўда қатнасатуғын сиясий партиялардың баслықлары арасында биринши дебат шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, дебатлардан тысқары бул майданда жоқары дәрежедеги спикерлер қатнасып, эксклюзив мағлыўматлар бойынша сайлаўшылар менен пикирлеседи.
Сайлаў мәмлекетимизде демократиялық мәмлекетшиликтиң жарқын үлгиси, пуқараларымыздың сайлаў ҳәм сайланыў, мәмлеекетлик уйымларды демократиялық түрде қәлиплестириў менен байланыслы конституциялық ҳуқықларын жүзеге шығарады. «Дебат Холл» болса ҳәзирги процесслерди сәўлелендириўде бирден-бир майдан болып есапланады.
Нозимбек Мардонов, Нишонбой Абдувоитов (видео), ӨзА