Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов басшылығындағы мәмлекетимиз делегациясы Италияда болып тур. СИМ баспасөз хызметиниң хабарына бола, делегациямыз сапар даўамында «Италия – Орайлық Азия» форматындағы үшинши министрлер конференциясында қатнасады, бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткереди.

Кеше ўәкиллеримиз пайтахт Римде 30 ға шамалас компания жуўапкерлериниң қатнасыўында дөгерек сәўбетин өткерди. Энергетика, тоқымашылық, траспорт, мәлимлеме технологиялары, инженерлик ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективасы бойынша қызғын сәўбет болды. Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Италия арасында экономикалық, инвестициялық бирге ислесиў ушын үлкен потенциал бар екени, әсиресе, B2B тәризинде сөйлесиўлерди жолға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА