Айырым шахсларға бензин ушын компенсация муғдары 128 мың 700 сум етип белгиленди

422

Ҳүкимет жанындағы Уйымлараралық тариф комиссиясының 2024-жыл 15-майдағы қарары менен айырым шахсларға бензин сатып алыўы ушын төленетуғын компенсацияның жаңа муғдары белгиленди.

Оған бола, бензин ушын компенсация муғдары 2024-жыл II шеректен баслап 128 мың 700 сумды қурайды.

Мағлыўмат орнында, бензин ушын компенсация муғдары 2023-жылдың II шерегинде 55 процентке арттырылып, 116 мың 180 сумды қураған еди. III шеректе болса бул муғдар 119 мың 640 сумға, IV шеректен баслап 120 мың 660 сумға ҳәм  2024-жылдың I шерегинде 124 мың 780 сумға арттырылған.

Бензин ушын компенсация төлемлери «Өзбекнефтьгаз» АЖ тәрепинен қаржыландырылады.

Еслетип өтемиз, компенсация алыў ҳуқықына ийе болған шахслар жасаў орны бойынша пенсия ҳәм напақалар тайынланатуғын уйымларға мүрәжат етеди, делинеди «Өзбекнефтьгаз» АЖ хабарында.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА