Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының Талапларды баҳалаў миссиясы (ТБМ) экспертлери Өзбекстанға келди.

Сапар бағдарламасына муўапық ТБМ экспертлери бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар, сиясий партиялар, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийети институты ўәкиллери менен ушырасады.

ЕҚБШ ДИИҲБ методологиясы бойынша талапларды баҳалаў белгили бир сайлаў алдынан әмелге асырылады. Сайлаўалды жағдайына берилетуғын баҳа ҳәм миллий сайлаў нызамшылығының улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартларына сәйкеслиги нәтийжелеринен келип шығып, сайлаўды бақлаўдың мақсетке муўапықлығы, бақлаў түри, мүддети ҳәм бақлаўшылардың зәрүр саны ҳаққында қарар қабыл етиледи.

Күни кеше ЕҚБШ ДИИҲБ сайлаў департаментиниң аға мәсләҳәтшиси Кеара Кастальдо ҳәм сайлаўлар бойынша мәсләҳәтшиси Каха Инаишвили Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Низомхўжаев пенен ушырасты.

Ушырасыўда ДИИҲБ сайлаўларды бақлаў Миссияларының нәтийжелери бойынша берилген усынысларды миллий сайлаў нызамшылығына ҳәм әмелиятқа енгизиў, сайлаўларға байланыслы ҳуқықый базаны жетилистириў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартлары, сондай-ақ, Бюроның жуўмақлаўшы есабатларында келтирилген усынысларды есапқа алған ҳалда миллий сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў системасын буннан былай да жетилистириўде 2023-жыл 18-декабрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине сайлаў ҳәм референдум өткериў тәртибин буннан былай да жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Сондай-ақ, экспертлер парламент төменги палатасы ҳәм сайлаў уйымлары системасындағы өзгерислер менен танысты. Бизге белгили, мәмлекетте сайлаў уйымларының бирден-бир орайласқан системасы қәлиплестирилмекте, парламент төменги палатасына сайлаўлар аралас сайлаў системасы тийкарында өткериледи.

Талапларды баҳалаў миссиясы экспертлери ДИИҲБ миссияларының 2023-жылы өткерилген референдум ҳәм мүддетинен бурын Президент сайлаўын бақлаў бойынша жуўмақлаўшы есабатларын таллаў ҳәм олардағы усынысларды сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятына енгизиў бойынша илажлар ислеп шығылғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Мухтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы