Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов YouTube платформасы бирге ислесиўшиси, IT-өнимлер ҳәм хызметлерди жаратыў бойынша базар жетекшилеринен бири болған Канаданың «AIR Media Tech» компаниясының басшысы Степан Михайлов пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўдың тийкарғы мақсети YouTube платформасының имканиятлары ҳәм креатив экономика тараўындағы мәселелерди додалаўдан ибарат еди.

Онда еки тәреплеме бирге ислесиў имканиятларын анықлаў, жаңа санлы шешимлер жаратыў ҳәм Өзбекстанда креатив санаатты раўажландырыў бойынша перспективалы бағдарларды белгилеў мәселелерине итибар қаратылды.

Ушырасыў алдында компания жумысы ҳаққында кеңейтилген презентация өткерилди. Онда компанияның глобал көлемдеги тәжирийбеси ҳәм YouTube платформасындағы креатив ҳәм бизнес жумысты қандай раўажландырыў бағдарында табыслы стратегиялар инам етилди.

Сондай-ақ, компания креатив экономиканың басқа тараўларына да үлкен итибар берип, санлы контент жаратыў ҳәм тарқатыўда жаңа қатнасларды ислеп шығыў үстинде жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстандағы санлы технологиялар ҳәм дөретиўшилик экономиканың потенциалын арттырыў, сондай-ақ, платформаның жаңа қатнасларын үйрениў, Өзбекстанда YouTube сыяқлы платформаларды және де раўажландырыў ушын керекли ҳуқықый ҳәм технологиялық инфраструктура жаратыў мәселелери де додаланды.

Буннан тысқары, креатив тараў ўәкиллерин қоллап-қуўатлаў ҳәм олар ушын санлы хызметлер жаратыў мәселелери көрип шығылды. Санлы технологияларды тараўларға да кеңнен енгизиў Өзбекстанда жаңа жумыс орынларын ҳәм инновациялық жойбарлар жаратыўға жәрдем беретуғыны атап өтилди.

Ушырасыў соңында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм креатив экономика тараўында инновациялық технологияларды енгизиў бойынша келешектеги режелери ҳаққында пикир алмасты. Келешекте өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў ушын анық қәдемлер белгиленди.

Н.Раҳмонова, ӨзА