Елликқала районы орайындағы “Ҳәсиретли ана” естелигиниӊ алды бүгин ҳәр қашанғыдан пайызлы ҳәм адамлар менен толы. Бул жерде 9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған илаж болып өтти.

Онда секторлардыӊ қорғаныў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларыныӊ, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиӊ, оқыў орынларыныӊ  басшылары, жаслар ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери оркестр намалары астында “Ҳәсиретли ана” естелигине гүл-шеӊберлерин қойды.

Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардыӊ естелигине ҳүрмет көрсетилип, еске алынды.

Илажда район ҳәкими В.Ниязымбетов жыйналғанларды байрам менен қутлықлады. Бүгинги тыныш заманымыз ушын жанын пидә еткен жерлеслеримиз ҳәмийше ҳүрметте екенлигин,“Еслеў мәӊги-қәдирлеў муқаддес” сүрени астында өткерилип атырған байрам илажлары Жаӊа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жаӊаланыўлардыӊ мазмун-мәниси жоқары инсаныйлық принциплерин өзинде жәмлегенин атап өтти.

Буннан кейин Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларыныӊ мәмлекетлик гимнлери жаӊлады.

Илажда сөзге шыққанлар бүгинги тынышлық күнлерге шүкиршилик билдирди. Инсанға тек тынышлық-татыўлық керек. Тынышлық болмаған мәмлекетте, шаӊарақта берекет болмайды. Себеби тынышлық-татыўлық раўажланыўдыӊ тиреги болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги