«ПСЖ» ҳүжимшиси Килиан Мбаппе Франция клубынан кетип, «Реал»ға өтиўи ҳаққында мағлыўматлар бар. Sky Sports хабарына бола, тәреплер бес жыллық шәртнамаға қол қойды.

Франциялы футболшы «Реал»да жылына 15 миллион евро алады – бул оның Париждеги айлығынан азлаў. Футболшы шәртнамаға қол қойған ўақытта 150 миллион евро муғдарындағы бонусқа ийе болады. Мбаппениң трансфери ҳаққында июнь айында дағаза берилиўи күтилмекте.

Еслетип өтемиз:

ҒХҚда Мбаппе «Реал» менен 2029-жылға шекем мөлшерленген шәртнамаға қол қойғаны ҳаққында мағлыўмат пайда болған еди.

«Реал» президенти Флорентино Перес Карло Анчелотти басшылығындағы тренерлер штабына Мбаппе «Реал Мадрид»тиң жаңа футболшысына айланыўы ҳаққында хабар берген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги