Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Халықаралық ислер, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен «Әскерий хызметкерлердиң материаллық жуўапкершилиги ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаўға бағышланған мәжилиси өткерилди.

Екинши оқыўда таярланып атырған бул нызам жойбарында әскерий хызметкерлердиң материаллық жуўапкершилиги ҳаққындағы нызамшылық, тийкарғы түсиник ҳәм принциплер, әскерий хызметкерлерди материаллық жуўапкершиликке тартыў тийкарлары көрсетип өтилмекте.

Сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиң материаллық жуўапкершилигиниң түрлери (шекленген материаллық жуўапкершилик, толық материаллық жуўапкершилик), жеткерилген зыян муғдарын анықлаў, оның орнын қаплаў сыяқлы мәселелер де белгиленбекте.

Мәжилисте тийисли министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, сиясий партиялардың фракциялары ағзалары қатнасып, нызам жойбары толық көрип шығылды. Жойбар ҳәм ондағы нормалар депутатлар тәрепинен берилген усыныс ҳәм мәсләҳәтлер тийкарында және де жетилистирилмекте.

М.Комилова, ӨзА