2024-жылы жәми 14 962,7млрд сумлық социаллық напақалар арқалы 2,6 млн бенефициарлар (2 млнға шамалас шаңарақлар ҳәм 600 мыңнан артық шахс) социаллық қорғаў системасы менен қамтып алынды. Бул ҳаққында Социаллық қорғаў миллий агентлиги мәлим етти.
Соның ишинде:
- 1 269,8 мың кем тәмийинленген шаңарақларға – 7 379,4 млрд сумлық балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем;
- Қарақалпақстан ҳәм Холрезм ўәлаятларының айырым аймақларында жасайтуғын 37,3 мың шаңараққа – 17,9 млрд сумлық бир мәртелик материаллық жәрдем;
- 155,1 мың шаңараққа – жақын туўысқанлары қайтыс болғанлығы себепли 241,6 млрд сум жерлеў мәресими ушын жәрдем;
- 437,5 мың шаңараққа перзент туўылыўы мүнәсибети менен – 311,8 млрд сумлық материаллық жәрдем;
- 6 686,6 млрд сумлық социаллық напақалар арқалы мийнет стажына ийе болмаған ҳәм мийнетке жарамсыз – 696,8 мың шахс қамтып алынды:
- 307,7 мың шахсқа майыплық напақасы;
- 167,1 мың 18 жасқа шекемги балаларға майыплық напақасы;
- 84,6 мың жасқа байланыслы напақа;
- 74,5 мың тәрбиялаў менен бәнт болғанларға тәбиялаў напақасы;
- 55,9 мың шаңараққа бағыўшысын жоғалтқанлық напақасы.
Сондай-ақ, 2024-жылдың май айынан баслап 7,3 мың басқалардың күтимине мүтәж жалғыз кекселер ушын – 34,2 млрд сумлық материаллық жәрдемлер төлеп берилди.
Энерготарифлер реформаларының кем тәмийинленген шаңарақларға тәсирин азайтыў мақсетинде 1,1 млн шаңараққа 291,3 млрд сумлық материаллық жәрдемлер ҳәм базалық муғдардан артқан бөлеги ушын 0,5 млрд сумлық компенсациялар төлеп берилди.
Сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем төлеп бериў бойынша арзаны электрон түрде жибериў имканияты жаратылыўы арқалы 77 мыңға шамалас шаңарақларға биринши мәрте напақалар тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги