14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни
Қанлыкөл районындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары (ер-балалар) арасында «Ер жигит шаңарақ тиреги, Ана Ўатан қорғаўшысы» атамасында әскерий спорт жарысы өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенине 33 жыл толыўы ҳәм «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен Қанлыкөл районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими, Қорғаныў бөлими ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қанлыкөл районлық бөлими менен биргеликте өткерилген бул илаж оқыўшы-жаслардың өз Ўатанына деген шексиз сүйишпеншилигин арттырыў, мәмлекет тәғдири ушын жуўапкершилик сезимин оятыў, ер жигиттиң әскерий миннетли ўазыйпасын өтеўге деген қызығыўшылығын жоқарылатыў, шаңарақ алдындағы жуўапкершилик сезимлерин қәлиплестириў, олардың физикалық ҳәм интеллектуаллық қәбилетин арттырыў, сондай-ақ, олардың қысқы дем алыс ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылғанлығы менен әҳмийетли болды.
Илажда атап өтилгениндей, миллий армиямыздың шегараларымыз қәўипсизлигин, Ўатанымыздың тынышлығын тәмийинлеўдеги мийнетлери теңсиз. Ўатан қорғаўшылары бар екен, елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыздың абаданлығы ҳәм татыўлығы даўамлы болады.
Өткерилген жарыс 3 шәрттен ибарат болып, онда оқыўшылар 1-шәртте тест шешиў, яғный компьютерде дүзилген 25 тест сораўды белгилеў, 2-шәртте турникке тартыныў ҳәм 3-шәртте оқ жайдан оқ атыў шәртлери тийкарында беллести.
Жарыс жуўмағында Қанлыкөл районы қәнигелестирилген мектебиниң 11-класс оқыўшысы М.Алиев биринши, 2-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы А.Жаңабаев екинши ҳәм 10-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Қ.Ахымбетов үшинши орынларды ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги