Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси басламасы менен 2023-жылы шөлкемлестирилген «Жайҳун» профессионал футбол клубы 2025-жылғы футбол мәўсимин Про-Лигада өткеретуғын болды,-деп жазады Қарақалпақстан футбол ассоциациясының мәлимлеме хызмети.
Соны айтып өтиўимиз керек, «Жайҳун» 2023-жылы Өзбекстан Биринши Лигасында 9-орынды ийелеген болса, 2024-жылы Батыс аймақта «Насаф фарм» командасынан кейин екинши болды ҳәм Ташкент қаласында өткерилген плей-офф басқышында қатнасты.
Өткен еки мәўсим даўамында «Жайҳун» да финанслық машқалалар бақланбаған.
Клуб ҳәзирги күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәмде Министрлер Кеңеси тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып келинбекте.
Ең тийкарғысы, футбол жанкүйерлеримиз быйылғы жылы Өзбекстан Про-Лигасында еки командаға, яғный, «Арал» ҳәм «Жайҳун» клубларына ышқыпазлық етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы