Бүгин Тунисте қылышласыў спортының сабля түри бойынша Гран-при турнирине старт бериледи.
Алдын хабар бергенимиздей бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасады.
Турнир бағдарламасына муўапық, дәслеп қызлар арасында таңлап алыў басқышының беллесиўлери өткериледи. Бул беллесиўлерде Наргиза Жақсыбаева, Аякөз Жумамуратова, Фернанда Эррера, Гүлистан Пердебаева ҳәм Самира Шокировалар өз шеберликлерин көрсетеди. Өзбекстан сайланды командасының биринши номерли спортшысы Зайнаб Дайыбекованың рейтинг көрсеткиши жоқары болғаны ушын тиккелей плей-офф басқышынан беллесиўлерге кириседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы