Өзбекстан Миллий университетинде Италия, АҚШ, Әзербайжан, Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Қарақалпақстанныӊ жетекши илимпазлары қатнасыўында “Журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар XXI әсирде: раўажланыў тенденциялары, билимлендириў ҳәм технологиялар” темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.

-Өзбекстан Миллий университетиниӊ 106 жыллығы  мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул конференцияда баслы итибар журналистика, публицистика, коммуникация, жасалма интеллект, медиа, жәмийетшилик пенен байланыслар, дизайн, медиа саўатлылық, реклама ҳәм медиа лингвистика тараўларында алып барылып атырған изертлеўлерге кеӊ жәмийетшиликтиӊ дыққатын тартыў ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериндеги журналистика билимлендириў мәкемелери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине қаратылды,- дейди  Өзбекстан Миллий университети деканы Маҳлиё Мирсоатова.

Бул конференцияда қатнасқан ЮНЕСКОныӊ Өзбекстандағы ўәкилханасы халықаралық байланыслар бойынша хызметкери Анет Оболенски, БМШтыӊ Қазақстандағы мәлимлеме бюросы баслығы Властимил Самек Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар, жаӊаланыў ҳәм ашықлық сиясаты журналистика тараўы алдына да әҳмийетли ўазыйпаларды қойып атырғанлығын айтып өтти.

Илимий-әмелий конференция даўамында журналистика ҳәм ғалаба коммуникациялар тараўындағы жаӊа билим ҳәм тәжирийбелерди алмасыў, жаӊа технологияларды енгизиў бүгинги пәт пенен раўажланып атырған дәўирдиӊ әҳмийетли ўазыйпасы екенлиги атап өтилди.

 

                                                                                                       ӨзА