Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасында жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў бағдарында Пресс-тур болып өтти.
Онда басқарма қәнигелери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Жәмийетлик қәўипсизлик хызмети Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығы, подполковник С. Казбеков қатнасып, республикамызда ушырасып атырған жол транспорт ҳәрекетиндеги нызам бузыўшылық жағдайлар, олардың ақыбетинде келип шығып атырған кеўилсиз жағдайлар ҳәм олардың алдын алыўда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен биргеликте жумыс алып барыў жақсы нәтийжелерге ерисиўге тийкар болатуғынлығын атап өтти. Сондай-ақ, басқарманың жуўапкер хызметкерлери тәрепинен жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ,ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўде автомобиль басқарыўшы ҳәм пиядалардың тәртибин беккемлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылғанлығы сөз етилди.
Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен қәнигелерге сораўлар берилип, тийисли жуўаплар алынды.
Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар орынларда болып, машқалалар ҳәм жағдайлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.