Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты ҳаққында реже тастыйықланды

690

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Криминологиялық жумысты илимий тәмийинлеў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «Жәмийиетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында илимий изертлеў жумысын сапа жағынан жаӊа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы 2024-жыл 15-январьдағы ПП-10-санлы Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты шөлкемлестирилген ҳәм жумысыныӊ тийкарғы бағдарлары белгиленген еди.

Усы қарар менен:

а)  Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты ҳаққындағы реже:

Криминология институты жумысыныӊ тийкарғы бағдарлары, ўазыйпалары ҳәм фунциялары;

Криминология институтыныӊ ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери;

Криминология институты жумысын шөлкемлестириў, мүлк ҳәм материаллық қаржылары;

Криминология институты хызметкерлериниӊ илимий жумысын баҳалаў тәртиби;

б)  Криминология тараўында илимий-әмелий изертлеўлер өткериў методикасы:

криминология тараўында диссертация изертлеўлери орынланыўын шөлкемлестириў;

криминология тараўында баслама ҳәм буйыртпа тийкарында илимий-әмелий изертлеў жойбарларын орынлаў;

Криминология институтыныӊ илимий усыныслары бойынша ҳуқықбузарлықлар профилактикасын тиккелей әмелге асыратуғын уйымлар тәрепинен зәрүр илажларды әмелге асырыў;

“Жәмийетлик қәўипсизлик бойынша баслама индекси” (i-indeks)HH жүргизиў тастыйықланды.

Қарарға муўапық, Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 4-июльдағы 354-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымларыныӊ жеке қурамы ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзаларын социаллық қорғаў тәртиби ҳаққындағы режеге тийисли өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи.

                                                                                                        ӨзА