-Наўқастың жағдайы аўыр. Көп қан жоғалтып атыр. Тез барып көрмесеңиз болмайды. Қыстаўлы тез жардем клиникасына алып келинген гезектеги адамның  жағдайы ҳаққында мийирбийке операциядан шыққан наўқасты көрип атырған шыпакерге усылайынша хабар берди.

-Ҳәзир бараман,  операция ханасын таярлаң.

Асулыў узын коридор бойлап аяғындағы ақ туфлийиниң өкшелерин тықылдатып тез-тез жүрип барар екен, негедур еңсесинен аўыр жүк басқандай болды. «Бүгин шаршадым, жумыс аўыр болды. Илайым, Алла абырай бергей»,-деген ойды қыялынан өткерди де қабыллаўханадан носилька менен алып киятырған жарадардың ер адам екенлигин байқады.

-Не болған?

-Авария.

-Аты-жөнин анықлап, жақынларына хабар бериң,-деп мийирбийкелерге тапсырма берип, қанға боялып, бир қапталлап жатырған наўқастың жүзин жоқары қарай бурар екен, Асулыўдың ети жуўлап сала берди.

-Султан. Сул-тан. Қалайынша? Неге? Ҳаў бул Султанғо.

-Танысыңызба? –деди қасындағы хирург ағай Айсулыўға қарап.

-Кәрим аға тезлетейик. Пульсин тексериң. Қан табың. Анестезиолог таяр турсын.

Қоллары қалтырап, тез-тез сөйлеп атырған Айсулыўдың бул ҳәрекетлерине Кәрим аға ҳайран қалды.

-Жүрек урыўы бир тегис емес. Шеп қабырғасы сынып, бир бөтекеге кирип кеткен. Бир аяғы сынған,-УЗИ ҳәм рентген жуўмақларын, нефролог пенен кардиологтың көрсетпесин еситкен Айсулыўға биротала қалтыратпа тийип, шып-шып терге батты.

-Айсулыў Оразбаевна, сиз жүдә албырап турсызғо. Жағдайыңыз жақсы болмаса операцияға кирмегениңиз мақул. Өзим бир әмеллеймен. Ямаса Айназарды үйинен шақыртамыз.

-Яқ, яқ бәри жақсы. Киреберейин. Ол мениң жақын адамым еди,- деди ол гәпине түсиниңкиремей қараған Кәрим Туреевқа кескин жуўап қайтарып.

-Бир ўақытлары демекши едим,-деди ол қысыныңқырап.

-яқшы, ўақыт тығыз. Қәне, таярланың баслаўымыз керек.

-«Нексия» автомашинасын басқарып киятырып жүк автомашинасына барып урылған. анықлаўымызша шахс Султан Набиев машинаны мәс ҳалында басқарған. Бизди қыйнап турған мәселе наўқастың қан группасы биринши группа. Лекин, қан қуйыў станциясында кешеден берли электр энергиясында авариялық жағдай болғанлықтан қан группаларын табыўымыз қыйын болып атыр. Кешеден берли қан группаларын тек ғана наўқаслардың жақынларынан алып атырмыз.

-Енди не қыламыз?

-Бир жолын табыўымыз керек, ақыры наўқас районда турады екен. Жақынлары қашан жетип келеди.

-Қәне баслай берейик. Илажын табамыз,-Айсулыў мийине сарп ете қалған ойынан өзи қуўанып кетти.

-Бир минут,-деп ол коридорға шығып кетти. –Дәўлеткелди балам, тез емлеўханаға жет, жәрдемиң керек болып тур…

                                                          ***

Султан өзине келип көзин ашқанда реанимация бөлиминде жатырған екен. Денесиндеги аўырыўдың ҳазары жанын жегидей жеп атыр. Қыймылдаўға димары жоқ. Не болды, не қойды, бул жерге қалай келип қалды, ҳеш нәрсени еслей алмайды. Тек ғана кафедеги бәзимнен мәс ҳалында шығып, машинаға отырғанын ғана еслейди.

-Суў, суў бериң,-деди ол мийирбийкеге жалбарынып.

-Сизге суў ишиўге болмайды. Шыпакер рухсат етсе ғана беремиз. Азырақ шыдаң, ҳәзир палатаға көширемиз, сол жерде биймәлел суў да ишесиз, аўқат та…

-Бул қурақым аман қалғаныңды айт қосшым, берер садақаң бар екен. Менде зәңгиден жығылып түсип едим. Шыпакерлер берекет тапсын. Бул қурақым шүкирмен. Айтқандай сени де Айсулыў операция иследи ме? -деди палатада айна алдындағы кроватта жатырған ири қара киси Султанға қарап. Еле нениң не екенин айыра алмай, мийи мең-зен болып атырған Султан Айсулыў исмин еситип көзи «жарқ» ете қалды.

-Билмедим аға,-деди немқурайдылаў. «Айсулыў дедиме, егер сол болса я. Яғаў, оны Ташкентке көшип кеткен деп еситип едим ғой бул жақта не жейди. Айсулыў деген ат та, врач та көп емес пе?»,-деген ойлар изли-изинен ой елегинен өте баслады.

-Набиев, жағдайларыңыз жақсыма? Сизди ҳәзир шыпакер келип көреди.

Мийирбийкениң изинше кирип келген шыпакер ҳаялды көрип Султан орнынан турып кете жазлады.

-Ай-су-лыў.

-Аўа, Айсулыўман. Жер домалақ дегени рас екен. Яқшы, буны қойып турайық. Жағдайларыңыз қалай? Қәне қан басымыңызды өлшеп көрейик.

Билегин түрип қан басымын  өлшеп атырған оған Султан әсте урлана қарады. Баяғы қыпша белли, узын бойлы сулыў қыз енди толық денели, заманагөй шыпакер ҳаялға айланыпты. Гөззаллығын еле жойытпапты, қайтама сулыўланып, ашылысып кеткен.

-Қан басымыңыз жақсы, нормада. Суйық сорпа ише берсеңиз болады. Гипсте болғаннан соң абайлап ҳәрекет етиң. Егер қасыма адам аламан десеңиз руқсат етемен. Балаңыз бар шығар.

Айсулыўдың бул гәпи Султанның жүрегине ништердей қадалды. «Эҳ балам болғанда еди. Өз балам». Ишинен өткерген ойы тилинен шығып кете жазлады.

-Яқшы, рахмет.

-Болады, жақсы болып кетиң.

-Гәптиң расы еле ҳеш нәрсеге түсинбей атырман. Сени  Ташкентте деп еди. Мениң бул жағдайға түсиўим, операцияны сениң ислегениң.

Айсулыў қапыны ашайын деп атырып Султанға бурылып қарады.

-Буны тәғдир дейди.

-Баламыз қайда?  Бул даўыс оның аўзынан өлпең, аянышлы тәризде шықты.

-Баламыз емес, балаңыз қайда, десеңиз дурыс болар. Жақсысы бул гәплерди не қыласыз. Ҳеш нәрсени билмегениңиз, араласпағаныңыз мақул. Бул жер емлеўхана, жеке турмысты талқылап не қыламыз. Жақсысы сиз денсаўлығыңызды ойлаң.

Олардың бул сөйлесиўлерине палатадағы еки киси ҳеш нәрсеге түсинбей аң-таңы шығып қарап қалысты.

-Бир-бириңизди таныйтуғынбаедиңиз?-деди шыпакер шығып кеткеннен соң олардың бири ақыры шыдамай.

-Аўа,-деди де ол басқа ҳеш нәрсе айтпады. Терезеден түнерип турған қара бултларға қарап жатып, өткен күнлерин еске түсирди.

                                                   ***

«Жаслық дәўир инсанның ең бахытлы, умытылмас демлери. Бул алтын дәўирдиң қәдирине жетип жасаңлар. Еле қанша қыйналып, сағынсаңыз да бул күнлериңиз қайтып келмейди»,-деп университет аудирориясында устазының айтқан бул гәплери енди тәсир етип атырғандай. Бахыт қалашасын қолдан жасап, тәғдирди өзлери бурмалап жиберетуғындай сезинетуғын өр көкирек жигит-қызлар ержеткенлик ҳәўири менен студентлик алтын дәўирде мәзи- майрам болып жүрген дәўирлери еди. «Кимсең Назлыхан торгаш» тың баласы болып дүньяны еңсесинен басып шалқып жүрген Султанның жоқары оқыў орнына кириўи де, оқыўы да ап-аңсат кешти. Тап өзи емес анасының «пуллары» оқып атырған сыяқлы еди. Ерке баланың айтқаны айтқан, дегени деген болды. Ҳәр жылы туўылған күни де хан сарайындағы бәзимлердей өтетуғын еди. Оның үшинши курсында өткерилген туўылған күнине группаласы Сарбиназ ағайын қызы Айсулыўды да ертип барды.

Бурын ҳеш отырыспақларға бармайтуғын Сарбиназды көрип группаласлары ҳайран қалысты.

-Ҳайран болмай-ақ қойың. Санаўлы ўақытқа руқсат алып келдим. Айсулыў мениң «телехранителим»,-деди ол ҳәзиллесип.

Султан Айсулыўды көрип таңлана қарады. Хоширей минезине ашық болып, өзинде басқаша сезим пайда болғанын сезди. Бул сезим бурын басқа қызларға сөз айтып, мухаббатты ойыншық етип жүргенинен басқаша еди.

-Оған көз алайтырмай-ақ қой. Ҳәлегиңе қаласаң. Ол мединститута оқып атырған «профессор». Сениң теңиң емес,-деди Сарбиназ Султанға қарай нықыртып сөйлеп.

Туўылған күн өткеннен соң Султан биразға шекем өзине келе алмай жүрди. Ашықлық дәрти өртеди оны. Ақыры ол қызды излеп барып, кеўлиндегисин ашып салды.

-Яқ, болмайды. Мен аўылда әпиўайы пахтакештиң қызыман. Бизлердиң шаңарақларымыздың жағдайы туўры келмейди. Мен шыпакер боламан деген әрман менен Ташкентке мединститутқа оқыўға кирдим. Мениң ҳәзир ашықлық дәртине шалыныўға ўақтым да жоқ. Оқыўым керек,-деди Айсулыў оған анық жуўап берип.

Султан биротала өзгерди. Тез-тезден Ташкентке барғышлаўды әдетке айландырған баласының жағдайы анасы Назлыханды тәшўишлендирейин деди.

-Мама, не десеңиз сол дең, бирақ мен Айсулыўға үйленемен.

Ҳеш қашан. Мениң таңлаған қызымды аласаң. Ана күнги қызды айтып атырсаңба, туўылған күниңе келген? Оның ата-тегин сорастырдым. Күнин зорға көрип отырған үйдиң қызы екенғой. Әўмет күлип бағып  оқыўға кирип қалған тек.

-Не болыпты. Ертең оқыўын питкерсе врач боладығо.

-Ҳаў, ҳаў бул сенбисең? Өзгергениңе ҳеш исенбей турыппан балам. Ешейинде анаў-мынаў қызды менсинбейтуғын едиңғо.

-Аўа апа, мен сол ерке балаңызбан. Қашшан қарар қабыллап болдым. Не десеңиз дең бирақ мени Айсулыўдан айырмаң.

Султан менен анасының келисимге келиўи қыйын болды. Анасын қанша қарсы болғаны менен  ол өзиниң  айтқанынан қайтпады.

Айсулыў да бара-бара өзин Султанға үйренисип қалғандай сезди. Ол қоңыраў етпеген күнибир нәрсени жойтып алған адамдай болып жүреди. «Бәлким мухаббат дегени усы шығар»,-дейди де және «қой ҳеш нәрсеге алаң болмай оқыўымды питкериўим керек» деп,  өз  ойына  өзи  қарсы шығады. Деген менен, бул кеўли жақынлық олардың тойы менен даўам етти. Жалғыз улының дегенине көнип, елге даңғырлатып той берди. Лекин, той күни олардың қатнасығы аттың қасқасындай ел-журтқа билинип турды.

-Пәс пәслигине барады. Дастурханына салған сарпайларын айтпайсаңба? Байбайййй. Дос-душпаныма күлки болдымаў. Гилең дийўана костюм-шалбар, қолдан-қолға өтип жүрген таўарлар.

-Апа, яқшы. Әстенлеў сөйлең. Келиниңиз еситип қояр.

-Еситсе есите берсин. Еситсин деп айтып атырман. Өзиң көрдиңғо, еки әжапаңды қәйтип узатқанымызды. Той ғой өтти. Енди буның үйи де қызына сондай етип дүнья берсин. Қуда түсип барамыз, мен қандай етип күтсем, сондай етип күтсин. Қатыныңа айт, үйиниң иши жақсылап таярланып, қызының себин де жақсылап берсин. Гәп тамам…

Айсулыўдың күни күн болмай қалды. Үйинде енесиниң кеўлинен шығайын деп зыр жуўырып хызмет етеди, күни-түни келген мийманларын күтеди. Лекин оның ийтшелли қәдири болмады. Хызметин де, мийнетин де билмеди.

Ел қәдеге барған күни Айсулыў жүдә қапа болып қайтты. Султан тәрептен барған қуда-қудағайлардың бәри оның үйин сирә мисе тутпастан мурынларын жыйырып отырыўлары, қәде-қәўмет қойған ўақытлары шыт-шүбереклерди менсинбеўлери, дастурхандағы тағамларға да мин тағыўлары ҳәттеки, тосттың ўақтында енесиниң «қызыңды баламның зорлығына ушырап келин қылып отырман болмаса мениң теңим де, шегим де басқа еди. Бул не деген пәслик, қызыңызға дүнья бермегениңиз аздай ҳеш болмаса дурыслап күтсеңиз болмайма?!-деп нықыртып сөйлеўлери қуда-қудағайларын жер менен жексен еткендей болды.

Айсулыў сол жылы оқыўын тамамлап келип, бир жыл емлеўханада интерна болып жүрди. Интернатураны тамамлап, қыстаўлы медициналық жәрдем емлеўханасына жумысқа орналасқан жылы өзиниң аяғы аўырласқанын сезди. Султанның қуўанышының шеги болмай жүрген  гезлеринде анасының айтқан бир аўыз сөзи  тәғдирин өзгертип жиберерин қыялына да келтирмеген еди.

-Келиншегиңниң өтириклерине исенип жүре бер. «Көрмегенниң көргени қурысын» дегени усы шығар. Бурын тамағы тойып ас ишип, бойы ағарып кийим кийип көрмеген көрмедик енди өзгерейин деди. Тез-тез нәўбетшиликте туратуғын болды. Қудай билсин ишиндеги бала сеникиме я басқаники?

-Не деп турсыз мама? Сиз мәссиз. Көзиңиз көрмеген, билмеген нәрсени неге айтасыз. Не деп турғаныңызды билесиз бе? –деди ол зыяпаттан мәс болып келип, нықыртып сөйлеген анасына қарай ашыўланып.

-Егер меники қәте болса, бар ҳаялыңды тексерип көр. Ким билсин ҳәзир нәўбетшиликте қандай еркеклер менен турғанын ҳәм нелер ислеп атырғанын. Анасының салмақлап айтып атырған ақырғы сөзлери Султанның жүрегине ништердей қадалды. Тез  костюмын ийнине илдирди де, машинасына отырып газди басты.

Гүздиң соңғы күнлери, ызғырық самал менен ирилеп қуйып турған жаўын машинаның айнасынан сылдырлап төмен ағып кетип атыр. Султан болса оннан сайын тезликти асырып, ашыўға буўлығыўы менен емлеўхана дәрўазасының алдына келип тоқтады.   Түнниң бир мезгилинде емлеўхана текшелеринен тез-тез жоқарыға көтерилип, узын коридор бойлап жүрип бара берди.

-Сизге ким керек?,-деп алдынан шыққан санитарка ҳаялға да дурыслы жуўап айтпады.

-Шығың. Сиз кимсиз. Бул жер реанимация. Аўыр жағдайдағы наўқаслар жатыр. Ҳәзир милиция шақыраман, -деген мийирбийкениң гәпи де тәсир етпеди. Ол « Шыпакерлер ханасы» деп жазыўлы турған есикти ашты.

-Айсулыў. Иплас!

-Султан.

-Анамның айтқаны рас екен. Бул не усы жердеги ойнасыңба?

-Султан бул не деп турғаның. Бул киси усы бөлимниң баслығы. Бизлер мийирбийке апай менен үшеўимиз бирге аўқатланып атырған едик. Мийирбийке жаңа ғана сыртқа шығып кетип еди.

-Ондай ертегиңди басқаға айтасаң.

-Ҳаў иним, бул не деп турғаның. Ойланып сөйлең. Айсулыў мениң қызым менен жаслы қыз. Ондай ойсызлыққа барма,-деген бөлим баслығының сөзлери Султанды биротала ашыў атына миндирди.

-Ондай нәрсе қызың менен жаслыға қарамайды,-деди де Султан есикти тарс еттирип жаўып кетип қалды. Айсулыў болса не қыларын билмей Султанның изинен жуўырып кетти.

-Султан, Султан. Тоқта. Сөйлесип алайық.

Сениң менен сөйлесетуғын сөзим жоқ.

Султан, Су…дей бергени Айсулыўдың  айтажақ сөзи аўзында қалды. Султан оны ашыў менен   жулқылып, артқа қарай ийтерип жиберди. Аяғы тайып кеткен ол, текшеден бираз жерге шекем думалап түсти. Султан болса ашыў менен изине қарамастан кетип қалды…

Усы ўақыядан соң олардың арасына суўықлық түсти. Өзиниң ҳақ ҳәм пәк  екенлигин түсиндире алмай, емлеўхананада «сақланыў» бөлиминде жатырған Айсулыў терезеге телмирип, оны күте-күте шөптей азып, гүлдей солыды. Лекин, Султан сол кетистен изге қайтпады.

Тәғдир олардың екеўин де еки жаққа серпип таслады. Айсулыў айы-күни толысып уллы болды. Султан болса арадан бир жыл өткеннен соң анасының таңлап жүрген қызына үйленди.

Ҳәр күни таңнан үмит күтип, жаратқаннан жақсы күнлерди тилеп жасаған Айсулыўдың өмир жолы келисип кетти. Ол өз жумысына араласып, улы бес жасқа толғаннан соң жулдызлары бир-бирине жарасқан өз теңине бас қосып шаңарақ тикледи. Келиншеги бала үстинен қайтыс болып, бир қызы менен жасап атырған Ахмед Айсулыўға шын жүректен кеўил қойып, оны бахытлы етиўге ҳәрекет етти. Екеўи еки емлеўханада шыпакер болып ислеген олар, хызмет етип алғыс алып, биргеликте еки ул, еки қызды тәрбиялады.

                                                         ***

-Қан таба алмай атырмыз,-деп қоңыраў етип еди сол күни шыпакерлер. Бизлер районнан жетип келемиз дегенше өзлери бир донор таўып қойыпты,-деди өткен күнлерин еслеп, өкинип жатырған Султанға анасы изинен хабар алыўға келгенинде. Операция ислеген шыпакерлер менен жүзбе-жүз сөйлесе алмай атырман.Биреўи ҳаял адам қусайды.

-Аўа,-деп аўыр гүрсинген Султанның ишки ҳәўири от жаққандай болып сыртқа шықты.

-Ол Айсулыў екен.

-Ким Айсулыў?

-Өзимиздиң Айсулыў да.

-Я, не дейсең?

-Аўа мама. Сизиң сөзиңизге ерип не болдым. Оған жала жаўып, бахтымды қолдан ушырып, қатты қәте ислеген екенмен. Оннан кейин бир емес, еки рет үйлендим. Енди я перзентим жоқ, я опалы өмирлик жолдасым жоқ жанымда.

-Ҳаў, өй деме балам. Еле бәри жақсы болады.

-Не жақсы болады, бәри керисине кетип атырғой. Жасым елиўге келди, бийперзентпен. Айсулыўға жаман ат тағып қуўып жибергенимиз бенен, соңғыларын көрдик-ғой жаман қандай болатуғынын.

-Ҳай-йй баламаў. Мени кешир. Дүнья-мал көзин байлаған мендей анаңды кешир. Сени бахытлы етемен деп өз қолымнан бахытсыз еткен екенмен. ,-деп анасы егил-тегил жылады. Бираздан соң көз жасын сыпырып:

-Айсулыўды көрип кетейин,-деди өз-өзинен сергекленип.

-Шыпакерди айтып атырсызба?-деди тап усы ўақытта палатаны тазалаўға келген сипсекеш ҳаял. Ол бүгин жумысқа келмейди. Баласын үйлендирип атыр. Баласына көз тиймесин, быйыл университетти питкерип атыр екен. Бул гәплерди еситкеннен соң Султан да, анасы да сам-саз болып отырып қалды. Султанның усы ўақытта денесиндеги жарақаты емес, жүреги сызлап аўырып, үсти-үстине урып кетти. Баласының қандай жигит болғанлығын ойлады. Өкинди. Бирақ, бәри кеш еди. Ҳәтте өзине қайта жан берген баласының қаны екенлигин де билмейтуғын еди. Тек ғана соңғы пушайман, өзиңе душпан екенлигин кеш түсинип, иши өкиништен өртенип атырған еди.

Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги