Ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында әдебий-ағартыўшылық ҳәптелиги шеӊберинде “Миллий қәдириятлар сейили” өткерилмекте.

Нөкис қаласындағы “Истиқлол” балалар дем алыў орайында Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен ағартыўшылық илаж өткерилди.

Онда филиалдыӊ Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиӊ баслығы А.Сейткамалов ва Республикалық балалар китапханысы директоырыныӊ орынбасары  З.Рамбергенова қатнасыўшыларды қутлықлап, илаждыӊ әҳмийетине тоқтап өтти.

Буннан кейин филиал студент-жаслары менен “Бәркамал әўлад” балалар мектеби оқыўшыларыныӊ атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди. Бағдарлама даўамында миллий қосықлар менен аяқ ойынлар, қызықлы шығыўлар болды.


Илаж даўамында ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған миллий ойынлар бәршеге көтериӊки заўық бағышлады. Миллий буйымлар көргизбесинде өнерментлер тәрепинен таярланған буйымлар көрсетилди. Миллий үрп-әдетлеримиз бенен салт-дәстүрлеримизди өзинде жәмлеген илажда қатнасыўшылар миллий кийимлерде сейил етти.

Илажда белсене қатнасқанлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги