Японияның Кобе қаласында пара жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионаты басланды.

Дүнья жүзиниң 100 ден аслам мәмлекетинен 1000 нан зыят пара атлетлери қатнасып атырған жарыстың биринши күнинде, Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Кубаро Ҳакимова ҳаял-қызлар арасында F41 класында ядро ылақтырыў бойынша 9.88 метр нәтийже көрсетип, гүмис  медальды қолға киргизиўге миясар болды.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул спортшымыз 2023-жылы Парижде болып өткен жәҳән  чемпионатында 9.83 метр нәтийже менен екинши орынды ийелеп, Париж-2024 жазғы Паралимпия ойынларына қатнасыў ҳуқықын бериўши лицензияны қолға киргизген еди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги