Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги кубоги ушын мәмлекетимиздеги барлық улыўма билим бериў мектеплериндеги “Ўатан таянышы” отрядларына ағза болған оқыўшылар арасында өткерилип киятырған “Ватанпарвар” әскерий-спорт жарысыныӊ Өзбекстан Республикасы басқышында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Қанлыкөл районы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ “Лашын” командасы сыйлы 1-орынды ийелеген еди.

Усы жыл 17-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ “Лашын” командасы ағзалары, устазлары ҳәм ата-аналары менен ушырасты.

Жоқарғы Кеңес Баслығы өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың ҳәр тәреплеме жетик, физикалық жақтан шыныққан нәўқыран әўлад болып жетисиўинде бундай жарысларды шөлкемлестириўдиң әҳмийети айрықша екенлигин, онда жерлеслеримиздиң жеңимпаз болып атырғанлығы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайтуғынлығын атап өтти.

Команда ағзаларыныӊ әскерий таярлық шынығыўларына жоқары баҳа берилди ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Жыйналғанларға Арқа-Батыс әскерий округи әскерий оркестри атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги