Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 7-декабрьдеги «Судьялардың шын мәнисинде бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм суд системасында коррупцияның алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен системада ашық-айдынлықты тәмийинлеў, сондай-ақ, әдил судлаўды әмелге асырыўда үлгили жумыс ислеп атырған судьяларды хошаметлеўди жолға қойыў мақсетинде «Ибратлы судья» сыйлығын шөлкемлестириў ўазыйпалары белгиленип, ҳәр жылдың жуўмағына бола, жумыслары менен айрықша үлги көрсетип, жоқары рейтинг көрсеткишлерине ийе болған судьяларға 2022-жылдан баслап “Ибратлы судья” сыйлығын тапсырыў жақсы дәстүрге айналған.
Усы пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде судьялардың жумысларының нәтийжелилигин ашық-айдын баҳалаў бойынша миллий электрон рейтинг баҳалаў программасы иске түсирилди. Бул электрон система инсан факторын кескин шеклеўдиң есабынан судьялардың жумысларын ашық түрде ҳәм ең әҳмийетлиси қалыс баҳалаў мүмкиншилигин жаратты.
2024-жылдың жуўмағы бойынша, Судьялар Жоқарғы Кеңесиниң қарары менен 18 судья усындай итибарға ылайық деп табылды. Бундай тән алыўға ийе болғанлар арасында Жоқарғы суд судьясынан район судларының судьяларына шекем бар.
Бүгин усы сыйлықлар өз ийелерине тапсырылды. Соның менен бирге, тағы бир топар белсенди судьялардың ата-аналарына Судьялар Жоқарғы Кеңесиниң миннетдаршылық хатлары да тапсырылды.
Видеоконференц байланыс түринде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде судьялар ҳәм олардың ата-аналары қатнасты.
2024-жылдың жуўмағына бола, “Ибратлы судья” сыйлығы менен сыйлықланғанлардың арасында Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының тергеў судьясы Расул Назаров та бар.
Илаж даўамында Қоңырат районлар аралық экономикалық судының баслығы Қуўанышбай Хожамуратовтың әкеси Оралбай Хожамуратовқа Өзбекстан Республикасы Судьялар Жоқарғы Кеңесиниң атынан алғыснама да билдирилди.
Мағлыўмат ушын, бүгинге келип, “Ибратлы судья” сыйлығы менен сыйлықланған судьялардың саны 68 ге жетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги