Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономикалық раўажланыў, нәтийжели  басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Сума Чакрабарти Әдиллик министрлигине келди.

Ушырасыўда әдиллик ҳәм ҳуқық тараўындағы бирге ислесиў байланыслары ҳәм әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жаңа басламалар додаланды.

Әдиллик минитсри А.Тошқулов арнаўлы ҳуқықый режим тийкарында жумыс алып барыўшы Санлы технологиялар халықаралық орайын  (“Еnterprise Uzbekistan”)  ҳәм оның жанында Халықаралық шөлкем судын шөлкемлестириў , миллий нызамшылықты Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) келисимлерине муўапықластырыў ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўдағы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстан Республикасының позицияларын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында тоқтап өтти.

С. Чакрабарти Санлы технологиялар халықаралық орайы ҳәм оның жанында шөлкемлестирилип атырған суд халықаралық стандартларға туўра келиў керек екенлигин атап өтип, бул бағдарда алып барылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.

Бул тараў ҳәм халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бойынша халықаралық экспертлерди кеңнен тартыўда әмелий жәрдем көрсететуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, С Чакрабарти ЖСШға ағза болыў мәселеси қурамалы екенлигин атап өтип, Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған системалы реформалар нәтийжесинде бул мәмлекет жақын арада ЖСШға ағза болатуғынына исеним билдирди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан Республикасы әдиллик ҳәм ҳуқық системасында халықаралық ҳәм миллий реформаларда тығыз бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.

ӨзА